баннер
29 Mar 2025
21:27

    Системаның толық санластырылыўы өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте

    Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилип, онда басқарма баслығы З.Турдалиев ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен усы жылдың дәслепки шерегинде әмелге асырылған илажлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

    Атап өтилгениндей, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде бажыхана шегаралары арқалы ҳәрекетленип атырған товар-материаллық байлықлардың бажыхана қадағалаўын әмелге асырыў, контрафакт өнимлердиң кирип келиўиниң алдын алыў, елимиздиң экспортлық потенциалын арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў бойынша исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем бериў бағдарында бажыхана уйымлары тәрепинен кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

    Тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде, бүгинги күнде бажыхана хызмети жумысларының нәтийжелилиги артып, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи процесслериниң әпиўайыластырылыўы, оларға кететуғын ўақыттың қысқарыўына, сондай-ақ, сапа дәрежесиниң артыўына имканият жаратпақта.

    Атап айтқанда, бажыхана комитети тәрепинен әмелиятқа енгизилген 40 тан аслам интерактив хызметлер арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге тараўға тийисли ашық мағлыўмат ҳәм хызметлерден пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылған.

    Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы мысалында алып қарағанымызда, 2025-жылдың басынан берли басқарма тәрепинен баҳасы 53,2 млн. АҚШ долларынан артық өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди. Улыўма баҳасы 124,1 млн. АҚШ долларын қурайтуғын республикамыз сыртқы саўда айланысының 42,8 проценти товарлар экспортына туўра келеди.

    Республика аймағынан тийкарынан полиэтилен, химия өндириси өнимлери, ийирилген жип, фармацевтика өнимлери, тири ҳайўанлар, азық-аўқат ҳәм мийўе-палыз егинлери өнимлери, жүн, тери ҳәм олардан исленген буйымлар, тоқымашылық өнимлери, шийше ҳәм оннан исленген буйымлар, тәбийғый қазылмалар, электротехника және оның бөлеклери, ағаш ҳәм тахтай, олардан исленген өнимлер Түркия, Қытай, Россия, Латвия, Қазақстан, Аўғанстан, Литва сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспортқа жиберилди.

    Технологиялық әсбап-үскенелер, металл ҳәм олардан таярланған буйымлар, химия санааты өнимлери, электротехника ҳәм оның аўысық бөлеклери, ағаш ҳәм тахтай, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, транспорт және оның аўысық бөлеклери, нефть ҳәм нефть өнимлери сыяқлы улыўма баҳасы 70,9 млн. АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

    Соның менен бирге, быйылғы жылдың басынан басқарма тәрепинен бажыхана шөлкемлериниң өз фискал ўазыйпаларын әмелге асырыў шеңберинде бажыхана төлемлеринен 96 млрд. 344 млн. сум пул қаржылары мәмлекет бюджетине өткерилиўи тәмийинленди. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 14 млрд. сумға ямаса 17 процентке көбейди.

    – Мәмлекетимиз басшысы ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорт көлемин арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў мақсетинде қабыл етилген нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, бажыхана уйымлары тәрепинен усы жылдың өткен дәўиринде сыртқы экономикалық байланыс қатнасыўшыларына жәми 102 млрд. 473 млн. сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды,-дейди басқарма баслығы З.Турдалиев.

    Яғный, исбилерменлик субъектлерине сыртқы экономикалық жумысларын әмелге асырыўы ушын берилген жеңилликлер 25 миллиард 196 миллион сумға ямаса 33 процентке артты.

    2025-жылдың январь-февраль айлары даўамында қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы тәрепинен жәми 2197 бажыхана жүк декларациясы рәсмийлестирилген. Бажыхана тараўына заманагөй инновациялық бағдарламалардың енгизилиўи нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы арқалы бажыхана қадағалаўына усынылған ҳәм “жасыл коридор”ға бағдарланған 32,5 процент товарға бажыхана қадағалаўы процесслери әмелге асырылмады. Соның нәтийжесинде, ҳадал исбилерменлик субъектлери қоллап-куўатланып, товарлардың өз мәнзилине тез муддетлерде жеткерилиўи тәмийинленди.

    Есабат дәўиринде, бажыхана тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 116 ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланып, баҳасы 9 млрд. 302 млн. сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде алынды. Соннан, 4 факт бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды.

    Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумыслар да системалы түрде әмелге асырылмақта. Бажыхана қадағалыўы ҳәм рәсмийлестирилиўи процесслеринде ашық-айдынлықтың тәмийинлениўи тараўға енгизилген заманагөй мәлимлеме системалары жумысларының нәтийжесинде инсан факторының минималластырылыўы есабынан әмелге аспақта.

    Қәўипти басқарыў системасының жетискенликлеринен тысқары, хызметкерлердиң жумысқа қабыл етилиўи процесслериниң де толық санластырылғанлығы, тест жуўапларының система арқалы автоматластырылған түрде сол ўақыттың өзинде шығарып берилиўи, барлығы пүткил бажыхана системасының санласқанынан ҳәм оның коррупциядан аўлақ системаға айланыўындағы әҳмийетли қәдемлерден есапланады.

    Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech