Илаж шеңберинде ММЛУ жанында "Санластырыў дәўиринде өзбек тилин оқытыў: машқалалар ҳәм перспективалар" атамасында халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Форум Россия ҳәм Өзбекстанның жетекши жоқары оқыў орынларының студентлери, оқытыўшылары ҳәм изертлеўшилерин бирлестирди.
Илаж қатнасыўшылары тәрепинен онлайн оқытыўға глобал өтиў, жасалма интеллекттен пайдаланған ҳалда санлы оқыў платформаларын ислеп шығыў шараятында өзбек тили оқытыўшылары ушын жүзеге келип атырған актуал машқалалар додаланды.
Байрам илажының мәдений бағдарламасы шеңберинде мийманларға ММЛУда өзбек тилинде билим алып атырған россиялы студентлердиң атқарыўында өзбек әдебиятының классиклери - Әлийшер Наўайы, Ғафур Ғулам ҳәм Зульфияның қосықлары оқылды, өзбек тилиниң тарийхы ҳәм гөззаллығына бағышланған авторлық роликлер көрсетилди.
Илаж қатнасыўшылары бундай мазмундағы илажлар мәдениятлараралық сөйлесиўдиң әҳмийетин арттыратуғынын, Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы мәдений-гуманитарлық ҳәм академиялық байланысларды беккемлеўге хызмет ететуғынын атап өтти.
Илаж соңында ММЛУ Өзбек тили ҳәм мәденияты орайының директоры Бегам Караева университетте өзбек тилиниң оқытылыў тарийхы, Өзбекстан мәдениятын үйрениўде студентлерди ең көп қызықтыратуғын мәселелер ҳаққында айтып берди.
- 2011-жылдан берли Москва мәмлекетлик лингвистикалық университетинде сабақ беремен. Усы жыллар даўамында ММЛУда өзбек тилин оқытыў узақ жолдан өтти. 2022-жыл 21-апрель күни болып өткен Өзбек тили ҳәм мәденияты орайының ашылыўына шекем өзбек тили белсендилик пенен оқытылып келинген еди.
Оған тийкар 2010-жылдың май айында ММЛУ ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанында жаратылған еди. Сол ўақытта Халықаралық қатнасықлар ҳәм жәмийетлик-сиясий илимлер институтының сиясаттаныўшы студентлери өзбек тилин екинши шет тили сыпатында үйрене баслады - олар ушын бириншиси инглис тили еди.
Биринши топар оқыўға 2010-жылы киристи ҳәм 2014-жылы бул студентлер жоқары оқыў орнын питкерди. Олардан бири, айтпақшы, Россия Сыртқы ислер министрлигине жумысқа қабыл етилген. Кейин ала лингвист-студентлер оқыўды даўам еттирип, магистрлик диссертацияларын жақлады.
Ҳәзир питкериўшилеримиз арасында Россияның басқа жоқары оқыў орынларында өзбек тилинен сабақ берип атырғанлар да бар. Бүгинги күнде университетте өзбек тилин сырт ел регионологиясы бағдарында оқып атырған студентлер үйренип атырған болса, бул тилди билиўши питкериўшилердиң улыўма саны елиўден асты.
Бегам Қараеваның атап өтиўинше, оқытыўда тийкарғы итибар тилди әмелий жақтан ийелеўге қаратылған. Студентлер ушын кәсипке бағдарланған аўдарма курслары, "Коммуникацияға профессионал таярлық" пәни, сондай-ақ, турмыслық текстлерден баслап сиясий ҳәм экономикалық текстлерге шекемги ҳәр қыйлы дәрежедеги текстлерди талқылайтуғын әмелий сабақлар бар.
Орай басшысының атап өтиўинше, студентлер тек ғана аўдарма ислеўди емес, ал текст жазыўды, сораўлар бериўди, жуўапларды қатарластырыўды да үйренеди. Әлбетте, қыйыншылықларсыз болмайды. Өзбек тили агглютинатив тил болып, онда қосымша ҳәм аффикслер үлкен әҳмийетке ийе. Талабанлар өзбек халық ҳәм заманагөй қосықларын айтып береди, оригинал тилдеги фильмлерди тамашалайды ҳәм оларды талқылайды.