Халықаралық рейтинглер жоқары билимлендириў мәкемесиниң оқытыў сапасының жоқарылығын көрсетиў менен бирге, жәҳән көлеминдеги бәсекиге шыдамлылығын да көрсетеди. Бул болса, өз гезегинде, сырт елли инвесторлардың, халықаралық жәмийетшиликтиң бул жоқары оқыў орынларына қызығыўшылығы ҳәм исениминиң артыўына себеп болады.

Университетлердиң халықаралық рейтинглерде қатнасыўы бойынша QS (Quacquarelli Symonds), THE (Times Higher Education) ҳәм ARWU (Academic Ranking of World Universities) сыяқлы ең абырайлы рейтинг агентликлери болып есапланады. Бул рейтинглерден орын ийелеў ушын университетлер бир қатар талапларға жуўап бериўи керек. Усы талаплардың ҳәр бири ҳәр қыйлы нормалар менен өлшенеди ҳәм ҳәр қыйлы баҳаланады.

Халықаралық рейтинглердеги ең әҳмийетли көрсеткишлерден бири университеттиң илимий-изертлеў жумысы ҳәм илимий мақалалары арқалы халықаралық жәмийетшиликте тән алыныўы болып есапланады. Мәселен, ARWU рейтингинде ЖООлардың тийкарынан илимий-изертлеў потенциалы баҳаланады. Бул процессте халықаралық тән алынған илимий мақалалардың саны, басылымлардан алынған цитаталар ҳәм профессорлардың халықаралық илимий сыйлықларға ийе болыўы жоқары орынды тәмийинлейди.

QS халықаралық рейтингинде шөлкем ЖООларды процент тийкарында баҳалайды. Ең жоқары процент илимий изертлеўлер үлесине туўра келеди. Изертлеўлер болса академиялық тән алыў ҳәм де цитативлик дәрежеси менен өлшенеди. Академиялық тән алыў көпшилик жағдайларда абырайлы профессорлар, изертлеўшилер ҳәм илимий шөлкемлер арасында өткерилген сораўнамалар арқалы баҳаланады. Глобал көлемде тән алыныўға ерисиў ушын университетлер абырайлы халықаралық илимий жәмийетшилик пенен бирге ислесиўи ҳәм биргеликте изертлеўлер алып барыўы, профессор-оқытыўшылары ҳәм изертлеўшилериниң илимий жетискенликлерин халықаралық платформаларда жедел үгит-нәсиятлаўы, жоқары дәрежедеги профессор-оқытыўшылар ҳәм изертлеўшилерди тартыўы ҳәм оларға шараят жаратыўы, сондай-ақ, хызметкерлердиң илимий потенциалын арттырыўға жәрдемлесиўи зәрүр.

Ал, силтеме бериў көрсеткиши болса университет профессор-оқытыўшылары ҳәм изертлеўшилериниң илимий мақалаларына қаншелли көп мүрәжат етилип атырғанлығын анықлап береди. Рейтингтеги силтемелилик дәрежесиниң жоқары болыўы ЖООның глобал илимге қосқан үлеси ҳәм илимий мақалаларының сапасы ҳаққында мағлыўмат береди.

Университет питкериўшилериниң мийнет базарында табыслы жумыс алып барыўы да халықаралық рейтинглерде жоқары орын иелеўдиң әҳмийетли көрсеткишлеринен бири болып есапланады. Жумыс бериўшилер тәрепинен питкериўшилердиң баҳаланыўы ЖОО таярлаған кадрлардың мийнет базарына кириў салмағын көрсетип береди. Бунда тийкарғы итибар қаратылатуғын тәреплери жумыс бериўшилердиң тән алыўы ҳәм бәнтлик нәтийжелери болып есапланады.

Бәнтлик көрсеткиши де рейтинглердиң әҳмийетли қурамлық бөлеги. Питкериўшилер мийнет базарында табыслы жумысқа жайласыўы, қанша тез жумыс табыўы ҳәм дәраматын өз ишине алады. Университет питкериўшилерди жумысқа жайластырыў хызметлерин раўажландырыўы, оқыў бағдарламаларын әмелиятқа бағдарлаўы, потенциаллы бирге ислесиўшилер менен байланысты және де күшейтиўи усы көрсеткиш бойынша жақсы нәтийжелерге ерисиў кепили болады.

Рейтинги анықланып атырғанда университеттиң жәҳән көлеминдеги орны да үлкен. Халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, сырт елли студентлерди тартыў ҳәм профессорлардың халықаралық илимий топарлардағы қатнасын кеңейтиў университетлер ушын оғада әҳмийетли. Бул көрсеткиш үш өлшемнен - халықаралық илимий хызметкерлер, халықаралық изертлеўлер ҳәм халықаралық студентлердиң саны ҳәм салмағынан ибарат.

Усы көзқарастан халықаралық илимий хызметкерлер ҳәм сырт елли студентлердиң қатнасы улыўма хызметкерлер ҳәм студентлердиң санына сәйкес болыўы керек. Халықаралық изертлеўлер тармағы болса жоқары билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары ҳәм илимпазлардың халықаралық көлемде бирге ислесиўи ушын шөлкемлестирилген тармақ болып табылады. Оның әҳмийетлилиги сонда, университеттиң илимий жумыс көрсеткишлерин арттырыўға жәрдем береди.

Халықаралық рейтинглердеги заманагөй тенденцияларға бола, турақлы раўажланыў, социаллық жуўапкершилик ҳәм инновациялар университетлердиң рейтинг нәтийжелерине сезилерли тәсир көрсетпекте. Университетлер енди тек ғана дәстүрий билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлерге емес, ал олардың социаллық әҳмийети ҳәм жәҳән көлеминдеги тәсирине де үлкен итибар қаратпақта.

Елимизде жоқары билимлендириў системасындағы терең реформалар себепли жоқары оқыў орынларының халықаралық рейтинглердеги орны жоқарылап бармақта. Атап айтқанда, 2024-жылы QS World University Ranking: Asia бағдарында Өзбекстан бойынша 14 ЖОО жетекши 1000 лықтан орын алған болса, ҳәзир олардың саны 23 ке жетти. Бул жағдай ЖООлардың халықаралық рейтинглер өлшемлери ҳәм көрсеткишлерин терең үйренип, талқылап, сапалы билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм халықаралық бирге ислесиў бойынша жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанынан дәрек береди.

Бүгин санлы трансформация ҳәм аралықтан оқытыў имканияты да халықаралық рейтинглердеги тийкарғы бағдарлардың бирине айланбақта. Университетлер санлы технологияларды енгизиў ҳәм онлайн билимлендириў бағдарламаларын раўажландырыў арқалы бәсекиге шыдамлылығын арттырыўы дәўир талабына айланып үлгерди. Дүньяның рейтинги ең жоқары университетлерине нәзер тасласақ, барлығында аралықтан ҳәм онлайн билимлендириўге кеңнен жол берилгенин көриў мүмкин. Бул бағдарда елимиздиң билимлендириў системасында да кең көлемли жумыслар исленбекте.


Нилуфар ИМОМОВА,

Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў

университети аға оқытыўшысы