"Өзбекстан - 2030" стратегиясында мәмлекетимизди регионаллық “IT-НUB”ға айландырыў ўазыйпасы белгиленген. Усы мақсетте санлы технологиялар басқышпа-басқыш раўажландырылып келинбекте. Барлық аймақларда IТ-парклер шөлкемлестирилип, бул тараўда оқыў ҳәм ислеў ушын имканият кеңейди. Интернет тезлиги ҳәм қамтып алыўы артты. 190 мыңнан аслам халық жумыслы болды.
Кейинги жыллары тараўда 3 миллиард доллар инвестициялар өзлестирилген. Сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 2017-жылға салыстырғанда 8,5 есеге өсип, олардың саны мыңнан артқан. Бүгин тараў ўәкиллериниң ҳәр оннан бири усындай халықаралық кәрхана. Сондай-ақ, жети жыл алдын 12 экспортшы кәрхана болған болса, быйыл 650 ге жетти.
Жылдың жуўмағы менен мәлимлеме технологиялары ҳәм байланыс хызметлериниң экспорты 900 миллион доллардан артады.
Турмыстың ҳәр қыйлы тараўларында жасалма интеллектти қолланыў кеңеймекте. Усындай технология тийкарында 20 дан аслам жойбарлар иске қосылды. Тармақ ҳәм ири кәрханалар бойынша және 70 жойбар ислеп шығылды. Жасалма интеллектке таярлық халықаралық индексинде Өзбекстан 17 басқышқа көтерилди.
Бул бағдарға итибардың даўамы сыпатында, Өзбекстан Президентиниң усы жыл 14-октябрьдеги қарары менен Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди. Онда жасалма интеллектке тийкарланған программалық өнимлер ҳәм хызметлердиң үлесин көбейтиў, техникалық инфраструктураны кеңейтиў, кадрлар потенциалын арттырыў сыяқлы бир қатар илажлар белгиленген.
Презентацияда санлы технологиялар министри келеси жылға мөлшерленген режелер ҳаққында мәлимлеме берди.
Соның ишинде, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында "булытлы" мағлыўматлар орайы иске қосылады. Стартапларға шараят жаратыў ушын Ташкент мәлимлеме технологиялары ҳәм Инха университетлеринде жасалма интеллект бойынша лабораториялар ашылады. Мәмлекетлик уйымлардың 3 мың хызметкери, ҳәкимлер ҳәм орынбасарларының бул бағдардағы маманлығы арттырылады.
Жуўапкерлерге жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын жойбарлардың санын 100 ге, программалық өнимлер ҳәм хызметлердиң көлемин 50 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Тармақ кәрханаларында басланған трансформация унамлы нәтийже бермекте. Усы жылдың өзинде телекоммуникация хызметлериниң көлеми 16 процентке артып, 21 триллион сумға жетти. "Өзбектелеком" компаниясының дәраматы 9 триллион сумнан артты.
Енди келеси жылы басқарыўды толық санластырып, қәрежетлерди үнемлеў, экологиялық, социаллық ҳәм корпоратив басқарыў принциплерин енгизип, халықаралық рейтинг алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
"Өзбекстан почтасы" системасында да өзгерис бар. Быйыл түсимлер 1,4 есеге, экспорт 20 процентке артқан. Жаңа түрдеги хызметлердиң енгизилиўи нәтийжесинде жибериўлер саны 50 процентке көбейген.
Режеге бола, келеси жылы 1 мың 600 почта бөлиминде электрон коммерция өнимлерин тапсырыў жолға қойылады. Санлы таңлап алыў орайы ашылып, бундай товарлар ҳәм почта жөнелтпелерин қайта ислеў сапасы жақсыланады. Бул мақсетлер ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкинен қаржы тартылады.
Тараў ушын әҳмийетли тийкар - телекоммуникациялар ҳаққындағы нызам жаңа редакцияда қабыл етилди. Енди оған сүйенип, барлық тармақ ҳәм аймақлар кесиминде санластырыў бойынша еки жыллық бағдарлама ислеп шығылыўы белгиленди.
Соның ишинде, келеси жылы 6 мың жаңа таяныш станция қурылады. 30 мың километр оптикалық талшықлы кабеллер тартылып, қамтып алыўы 98 процент болады. Тараў экспортын 1,2 миллиард долларға жеткериў илажлары көриледи.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилип атырған Санлы технологиялар халықаралық орайы ҳаққындағы нызам ислеп шығылыўы тараўдың раўажланыўы ушын және бир үлкен жаңалық болады. “Enterprise Uzbekistan” атлы бул орайда "инглис ҳуқықы" принциплери, капиталдың еркин ҳәрекети, халықаралық стандарттағы мийнет қатнасықлары, сырт ел банклериниң филиаллары жолға қойылмақта.
Презентацияда жасалма интеллектке байланыслы нызамлы тийкарларды жаратыў, санлы технологиялар тараўында билимлендириўди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.