Энергия ресурсларының ең көп жумсалыўы, бәринен бурын, экономика тармақларына туўра келеди. Ерте дәўирлерде қурылған заводлар экология ҳәм энергия нәтийжелилиги талапларына жуўап бермеген. Жыллар даўамында модернизацияға жетерли итибар берилмеген. Айырым жерлерде электр ҳәм газ күнлеп болмаған. Санаат кәрханаларында тутыныў ҳәм шығынлар көп болған.
Соның ушын соңғы жыллары экономика тармақлары энергия нәтийжелилиги жағынан жаңаланбақта. Ири кәрханалар ҳәм энергетика тармақлары кесиминде өз алдына бағдарлама әмелге асырылмақта.
2030-жылға барып, мәмлекетимиз халқы 41 миллионға жетиўи, экономика 2 есеге өсиўи күтилмекте. Бул энергия ресурсларына болған талапты ҳәзиргиден 1,5 есеге арттырады. Соның ушын жаңа жойбарларды иске қосып, қуўатлылықты көбейтиў менен бирге энергияны үнемлеў илажларын көриў зәрүр.
Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслар ҳәм келешектеги режелер ҳаққында мәлимлеме берди.
Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, өткен жылғы тәжирийбени даўам еттирип, орынларда энергияны үнемлеў имканиятлары илимпазлардың қатнасыўында илимий тийкарда үйренилмекте. Атап айтқанда, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Жиззақтағы үйрениўлерде 870 миллион киловатт саат электр ҳәм 420 миллион куб метр газди үнемлеўдиң жаңа имканиятлары анықланды. Мәселен, бул ўәлаятлардағы киши ҳәм орта санаат кәрханаларында 35 мыңға шамалас гөнерген үскенелерди үнемлейтуғынына алмастырып, жылына 385 миллион киловатт саат электр ҳәм 50 миллион куб метр газди үнемлеў мүмкин.
Район ҳәм мәҳәллелерде энергияны үнемлеў бойынша имканиятлар жүдә көп. Мәселен, 300 мәҳәлледе 100 мегаваттлы киши қуяш станцияларын қурып, усы жылдың өзинде 45 миллион куб метр газди үнемлеў мүмкин. Буннан тысқары, канал ҳәм сайларда қурылатуғын мыңнан аслам микро ГЭСлер есабынан қосымша 175 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылады.
Көшелерди жақтыландырыўға да жылына 200 миллион киловатт электр жумсалып атыр. Қуяш панелли шырақлар орнатылса, тутыныў 2 есеге азаяды.
Усындай имканиятлар есабынан, быйыл 1,1 миллиард куб метр тәбийий газ ҳәм 2,6 миллиард киловатт саат электрди үнемлеў бойынша қосымша реже алынды.
Мәмлекетимиз басшысы, биринши гезекте, ири санаат кәрханаларында заманагөй үнемлеўши үскенелер орнатыў, энергия шығынларын азайтыў зәрүр екенлигин атап өтти. Ҳүкиметке бул тараўда жаңаша орынлаў ҳәм қадағалаў системасында ислеў тапсырылды.
Жумыс орынларында ҳәм турақ жайларда энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў да әҳмийетли. Электр ҳәм газди бийкарға жағып қоймаў, қуяш панеллери ҳәм басқа да альтернатив дәреклерден пайдаланыў да бираз көлемди үнемлейди.
Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында халықтың тығыз жайласқанын есапқа алып, оларды энергия менен тәмийинлеўде айрықша қатнас ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул тәжирийбе басқышпа-басқыш басқа аймақларда да енгизилиўи нәзерде тутылмақта.