Әмиўдәрьялы исбилерменлер Қытай мәмлекетинен келген исбилермен топар ўәкиллери менен ушырасты.
Тақыятас районында мәҳәллелерде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған исбилерменлердиң көргизбеси болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районында Шымбай ҳәм Кегейли районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалары ҳәм усынысларын тыңлаў мақсетинде ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда Бас министрдиң орынбасары - Ҳүкимет комиссиясының баслығы Жамшид Ходжаев, Бизнес-омбудсман Дилмурод Қосимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов исбилерменлердиң усыныс ҳәм мүрәжатларын тыңлады.
Шоманай районы ҳәкими А.Аметовтың басшылығында исбилерменлер менен ушырасыў өткерилди. Онда районды экономикалық жақтан раўажландырыў, исбилерменлердиң жумысларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жумысларында ушырасып атырған машқалалар додаланды.
Президенттиӊ басшылығында видеоселектор мәжилиси ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиў басланды.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Training of Trainers” (ТоТ) халықаралық жойбары шеңберинде тоқымашылық тараўында экспортты қоллап-қуўатлаў бағдарында семинар ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Интеллектуал мүлк департаменти тәрепинен қарақалпақстанлы исбилерменлер ҳәм өнерментлердиң қатнасыўында “Жеке брендке ийе болыўдың абзаллық тәреплери” атамасында семинар шөлкемлестирилди.