Күни кеше Президенттиң Хорезмде Ал-Хорезмий университети ҳәм қәнигелестирилген мектепти шөлкемлестириў бойынша Қарарына қол қойылды.
Хорезмдеги сапары ўақтында Президент Шавкат Мирзиёев аймақтағы жаслар менен ушырасты.
Бул ушырасыўда шығып сөйлеген, Үргенш қаласындағы 3-санлы мектеп оқыўшысы, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Шаҳзода Камолованың усы университетке қабыл етилгени мәлим етилди.
Ол 2025-2026-оқыў жылынан баслап толық грант тийкарында усы университетте оқыйды.
Сондай-ақ, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарова Хийўа қаласындағы Президент мектебинде Шаҳзода Камолова ҳәм оның анасы менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында министр Шахзадаға ҳәмийше өз үстинде ислеўин ҳәм ҳәрекеттен тоқтамаўын ҳәм алдағы жумысларында бәрқулла табыс яр болыўын тиледи.