Баҳалаўшы Орайлық банкке төмендегилерди өз ишине алған жуўмақты усынады:

банкти санациялаў басланған күнде усы банкти мәжбүрий сапластырыў баслама етилген болса, санация етилип атырған банк акционерлери ҳәм кредиторлары көриўи мүмкин болған зыянлардың муғдары;

санация етилип атырған банктиң акционерлери ҳәм кредиторлары көрген ҳақыйқый зыянлар муғдары;

жоқарыда көрсетилген зыянлар арасындағы айырмашылық.

Сондай-ақ, Орайлық банк ҳәм Аманатларды кепилликлеў агентлигиниң қоспа қарары тийкарында санациялаў қоры шөлкемлестириледи.

Орайлық банк санация етилип атырған банк дүзген шәртнамалар бойынша оның төлем ҳәм өткермелерге байланыслы белгили миннетлемелерин 6 ҳәптеден көп болмаған мүддетке тоқтатып турыўға ҳақылы.