Пәрманға бола, төмендегилер мийнет қатнасықлары ҳәм кәсипке оқытыў системасын жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм мақсетлери етип белгиленди, соның ишинде:

  • хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасындағы мийнет қатнасықларының нәтийжели, әдил ҳәм өз-ара пайдалы системасын жаратыў;
  • жумыс бериўшилердиң мүтәжлигине муўапық оларды маман кадрлар менен тәмийинлеў системасын енгизиў.

2025-жыл 1-сентябрьден жумыс бериўшилер ушын белгиленген төмендеги талаплар бийкар етиледи:

  • бос жумыс орынларына бәнтлик уйымлары тәрепинен жиберилетуғын шахсларды жумысқа қабыл етпегенлиги ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик;
  • бос жумыс орынлары бар екенлиги ҳаққындағы есабатларды мәжбүрий усыныў.