Сулыў таўлар қушағындағы бул аймақтың драйвери, әлбетте, туризм. Соңғы жыллары инфраструктура жақсыланып, жылдың барлық мәўсиминде мазмунлы дем алыў имканияты жаратылды. Дем алыс, саламатландырыў, шана, саяхат, улыўмалық аўқатланыў комплекслери қурылды. Ески санаторий ҳәм балалар дем алыў орынлары жаңаланды.
Атап айтқанда, бес жыл алдын районда 2 мың 240 орынлық 26 орын болған болса, усы дәўирде тараўға 2 триллион сумнан аслам инвестиция киргизилип, 13 мыңнан көп орынға ийе 59 ири туризм имараты иске қосылды. Тийкарғы автомобиль жолы оңланып, қосымша жоллар қурылды.
Булардың нәтийжесинде туризм жедел раўажланды, келиўшилер 12 есеге артты. Соның ишинде, бес жыл алдын Бостанлыққа жылына 850 мың турист келген болса, быйыл 11 айдың өзинде 12 миллион турист келген.
ылмақта. Дерлик 25 гектар майдандағы комплексте 16 көп қабатлы турақ жай, 3 мийманхана, 2 супермаркет, 60 тан аслам саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, кафе ҳәм ресторанлар, банк офиси, аквапарк, музыкалы фонтан, автомобиль турыў орны болады. Имаратлардың төбесине қуяш панеллери орнатылады. Дәрья үстинде сейил ушын шийшели көпир қурылады.
Комплекс күнине 5 мыңнан артық адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Мәўсимликлери менен бирге 2 мың 500 жумыс орны жаратылады.
Президентимиз хызмет түрлерин көбейтип, жедел туризмди раўажландырыў, бундай комплекслерди басқа районларда да жойбарластырыў бойынша көрсетпелер берди. Аймақта экологияға айрықша итибар бериў, жасыллықты көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.