Пәрманға тийкарланып шығындыларды қайта ислеў тараўындағы тийкарғы бағдарлар белгиленди, атап айтқанда:
бар болған қатты турмыслық шығынды полигонларын 2030-жылға шекем 50 процентке қысқартыў;
жаңадан пайда болып атырған шығындыларды полигонларға бағдарламастан, максимал дәрежеде қайта ислеў ямаса күйдириў, тараўға циркуляр экономика әмелиятын енгизиў.
2026-жылдан баслап шығынды полигонлары Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлигиниң усынысына муўапық Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги системасында шығынды полигонлары аймағында шығындыларды утилизациялаў ҳәм қайта ислеўге қәнигелескен санаат зоналары 30 жыл мүддетке шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында қатты турмыслық шығындыларды термикалық усылда утилизациялаў (жағыў) бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў мақсетинде аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылатуғын 19,87 гектар жер участкалары аўыл хожалығына мөлшерленген жерлер категориясынан санаат, транспорт, байланыс, қорғаныў ҳәм басқа да мақсетлерге мөлшерленген жерлер категориясына өткериледи.