"Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын турмысқа енгизиўге қосып атырған үлесин үйрениў мақсетинде жақында усы кәрханаға бардық.

Заманагөй үскенелер арасында жүрер екенбиз, бир көзқарастан оларды басқарыў аңсат болып көринеди. Бирақ ҳәр бир қурылма алдында жумыстың барысын дыққат пенен бақлап, қадағалап турған жаслардың ҳәрекетинен оларды ислетиў ушын терең билим ҳәм тәжирийбе керек екенлигин түсинемиз.

Жиптен ислеп шығарылған тәбийий гезлеме кәрхананың ишиндеги тигиў цехына жеткерип бериледи. Шебер тигиўшилер бул гезлемеден жигирма түрдеги сүлги ҳәм басқа да өнимлерди тигип, базарға жеткерип береди. Таза пахта гезлемесинен тигилген өнимлер тек ғана елимизде емес, қоңсы мәмлекетлерде де өтимли. Соған муўапық кәрхананың дәраматы жоқары.

Әлбетте, бундай заманагөй кәрхананың жумысын жолға қойған ҳәм оны және де кеңейтиў нийетинде болған исбилермен ушын инфраструктура ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў менен бир қатарда, маман жумысшы-хызметкерлер де әҳмийетли. Көплеген заманагөй кәрханалар қатарында бул ЖШЖда да маман жумысшылар жоқары баҳаланады.

 - Жумысымызды буннан былай да раўажландырыў ушын тәжирийбели тигиншилерге үлкен мүтәжлигимиз бар, - дейди кәрхана басшысы Шоҳида Тешабоева. - Соның ушын, бундай жумысшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаймыз ҳәм жоқары айлық беремиз. Ҳәзир тигиў цехымызды және де кеңейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Усы мақсетте кәрханамызға жақын жерде заманагөй имарат қурылмақта. Жақын күнлерде бул объект иске қосылса, қосымша жумыс орынлары ашылады.

Бүгин елимизде усы ЖШЖ сыяқлы жумысы күннен-күнге раўажланып атырған, жумыссызлық машқаласын сапластырыў арқалы кәмбағаллықты азайтыўға үлес қосып атырған, халыққа жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орынларын усыныс етип атырған заманагөй кәрханалар көбеймекте.

Әндижан ўәлаяты Хожаабад районындағы "Файз М" жеке меншик көп тармақлы кәрханасы усылардың бири. Бүгин бул кәрхананың 1500 ден аслам жумысшысы бар. Әҳмийетли тәрепи, кәрхананың бир қатар филиаллары шетки аўылларда жайласқан. Бул имканият аўыл жасларын заманагөй кәсип-өнерге үйретиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеўге тийкар жаратпақта.

Кәрхананың шөлкемлестириўшилеринен бири Нурилло Латиповтың айтыўынша, тигиншилерге мийнет ҳақысы шеберлик тийкарында төлеў жолға қойылған, шебер тигиншилер арасында 10 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алып атырғанлар бар. Ҳәзирги ўақытта кәрханада және 500 жумыс орны бар. Бул өнери ҳәм ҳадал мийнети арқалы жоқары дәрамат табыўды нийет еткен көплеген жаслар, әсиресе, ҳаял-қызлар ушын қолайлы имканият. Әлбетте, жоқары дәрамат табыў имканияты болған кәрханада узақтан қатнап болса да ислеўди қәлейтуғынлар табылады. Кәрхана ҳәкимшилиги бул бағдарда халыққа шараят жаратыў ушын өндирис тармақларының жанында жатақхана қурыўды режелестирмекте.

Белсенди исбилерменлеримиздиң ибратлы жойбарлары ҳаққында бийкарға сөз баслағанымыз жоқ. Экспертлердиң таллаўына бола, халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм жумыссызлықты сапластырыў кәмбағаллық машқаласына қарсы гүресиўдиң әҳмийетли өлшемлеринен бири болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекетимизде ийгиликли жумыслар басланғанына еле көп ўақыт болмады. Жәмийетимиздеги кәмбағаллық машқаласы биринши мәрте 2020-жылы тилге алынып, усы бағдарда илажларды әмелге асырыўға кирисилди. Сол ўақытта 7,5 миллион ямаса 23 процент халықтың дәраматы кәмбағаллық шегарасына жетпейтуғын еди. Өткен жылларда 3,5 миллион адамды дәраматлы етиў арқалы 2023-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллық дәрежеси 11 процентке түсти.

Бул тараўда қысқа мүддетте ерисилген нәтийжелер тийкарында исбилерменликтиң раўажланыўы ушын қолайлы орталық жаратылғаны әҳмийетли фактор болмақта. Соның менен бирге, мәҳәлледе кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменлик жойбарларына 35 триллион сумлық аз процентли кредит, 7 триллион сумлық субсидия берилди. Мәҳәллелерди абат етиў, бақша, мектеп, медицина, жол, суў ҳәм электр инфраструктурасы ушын 120 триллион сум ажыратылды. Сондай-ақ, дийқаншылық етип, дәрамат табыўы ушын 800 мың адамға 260 мың гектар жер ажыратылды.

Өткен жылы 11 айда 319,5 мың микрожойбар иске қосылыўы есабынан 567 мың жаңа жумыс орны ашылды. Буннан тысқары, дийқаншылық етиў ушын 60,6 мың гектар егислик майданы ижара тийкарында ажыратылып, 157,3 мың адам дәрамат дәрегине ийе болды. "Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў" бағдарламасы шеңберинде 339,9 мың жойбарға 5859 миллиард сумлық кредит ажыратылды.

Буннан тысқары, 58,5 мың жумыссыздың, әсиресе, кәмбағал шаңарақ ағзаларының исбилерменлик, жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик жумысын хошаметлеўге 325,5 миллиард сумлық субсидия ажыратылды.

2024-жылы 5 миллион адамның бәнтлигине жәрдемлесиў бағдарламасы ислеп шығылып, усы тийкарда жумыс исленди. Нәтийжеде өткен жылдың дәслепки он айында дерлик 4,5 миллион адам дәраматлы жумыс пенен тәмийинленди. Сол арқалы мийнетке жарамлы халық арасында жумыссызлық дәрежеси қысқарды.

Және бир мысал: 2020-жылдан берли 3 миллион сумнан 5 миллион сумға шекем айлық алатуғын жумысшылар 2 есеге, 5 миллион сумнан 7 миллион сумға шекем алатуғынлар болса 3 есеге артты. Соған сәйкес түрде кәмбағаллық дәрежеси жылына орташа 3 процентке азайып бармақта.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама жойбарында бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў нәзерде тутылған. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарлама жойбарының әмелий илажлар режесиниң 27-мақсетинде усы мәселеге бағышланған. Сондай-ақ, жойбарда халықты дәраматлы мийнет пенен бәнт етиў бағдарында да тийисли ўазыйпалар белгиленген.

Усы жылы 1,5 миллион адам кәмбағаллықтан шығарылады

Мәмлекетимизде турақлы ҳәм жоқары экономикалық өсиў пәтлерин избе-из тәмийинлеў арқалы 2025-жылдың жуўмағы менен кәмбағаллықты 6 процентке шекем қысқартыў мақсет етилген. Усы мақсетте аймақларда халықтың турмыс шараятын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарламаларының нәтийжелилигине ерисиўде жаңаша қатнас ҳәм топланған миллий тәжирийбени қолланыў бойынша жумыслар көлемин және де кеңейтиў зәрүр. Президентимиздиң 2024-жыл 23-сентябрьдеги "Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыў бағдарындағы илажларды жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында"ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли бағдарлама болмақта. Пәрманға муўапық, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы ислеп шығылып, әмелге асырылмақта.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мағлыўматына бола, жаратылған имканиятлар арқалы 2025-жылы 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, 5,2 миллион адамның турақлы ҳәм мәўсимлик жумыслар менен бәнтлигин тәмийинлеў арқалы жумыссызлық дәрежеси 5 процентке азайтылады. Оның ушын Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында киши өндирис, хызмет көрсетиў бағдарында ҳәр бир мәҳәлледе орташа 40 тан - жәми 378 мың микрожойбар әмелге асырылады. Нәтийжеде 756 мыңнан аслам жаңа жумыс орны ашылады. 300 мың жойбарға шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў, "Бизнеске биринши қәдем" бағдарламалары және микроқаржы шөлкемлери арқалы 15 триллион сумлық кредит ажыратылды.

Бар 65 кәсиплик көнликпелер орайы ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери және уста-шәкирт мектеплеринде 220 мың адам 70 бағдарда оқытылады. 56 мың пуқараға өзин-өзи бәнт етиў ҳәм исбилерменликти баслаў ушын 300 миллиард сумлық субсидия ҳәм ссуда ажыратылады. 14 ири көп қабатлы комплексли санаат орайы қурылады ҳәм исбилерменлерге жумыс алып барыў ушын ажыратылады.

Бул тараўда және бир бағдар ижара тийкарында жер ажыратыў ҳәм қыйтақ жер жетистириўди раўажландырыў болып есапланады. Оның ушын 100 мың кәмбағал шаңараққа 50 сотихтан жәми 50 мың гектар жер ажыратылады. Олар бул жерде дәраматлы егинлер егеди. 50 районда 50-100 гектардан ижара тийкарында ажыратылған жерде санаатласқан плантация, бағ ҳәм жүзимзарлар қурылады. Ижараға берилген 6,7 мың гектар майданда жоқары дәраматлы егинлер егиледи. Онда ҳәр бир районда "бир контур - бир өним" принципи тийкарында үлгили жойбарлар әмелге асырылады.

Мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылады. Бул бағдарда санаат кирип бармаған мәҳәллелерде мың аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў ҳәм киши өндирис жойбары иске қосылады. Еки мың мәҳәлледе потенциаллы исбилерменлер, экспортшылар ҳәм брокерлер менен биргеликте жетекши исбилерменлердиң жумысы жолға қойылады. Мәҳәллелердиң өзинде 500 өнерментшилик ҳәм жумысты үйге алып ислеў жойбары иске қосылады. Исбилерменлик басламасы болған, өзин-өзи бәнт еткен 50 мыңнан аслам шахс киши бизнес субъектине айландырылады. 1024 мәҳәлледе инфраструктураны жақсылаўға 3,2 миллиард сум ажыратылады.

Ақыл көпке жеткереди, өнер көкке

Жақында социаллық тармақларда қызық бир хабарды көрип қалдым. Онда жазылыўынша, раўажланған мәмлекетлерден биринде жаслар арасында үйдеги әпиўайы турмыслық жумысларды орынлаўдан бас тартатуғынлар көбейип баратыр екен. Нәтийжеде олар ҳәттеки машинасын жуўыў ямаса үйиндеги электр шырақларын алмастырыў ушын да қәнигелерге пул төлеўге мәжбүр болмақта. Бул бойынша изертлеў өткерген қәнигелер бул жағдайдан қәўетерленеди, әлбетте.

Дурыс, инсан ҳадал мийнет етип ямаса исбилерменлик арқалы жақсы дәрамат табыўы мүмкин. Бирақ оны дурыс жумсаўды да билиўи керек. Әсиресе, үй ишиндеги әпиўайы жумысларға да уста жаллап, мийнет ҳақының белгили бир бөлегин жумсаў шаңарақтың дәраматына тәсир етеди. Себеби, турмыс бир тегис емес. Күни келип инсанның топлаған барлық байлығы қолдан кетиўи мүмкин. Бундай жағдайда өнер, әлбетте, пайда береди. Себеби, ойшыл ата-бабаларымыз айтқанындай, өнер - шексиз ғәзийне. Әйне илим ҳәм өнер себепли инсан турмыста ушырасатуғын сынақ ҳәм машақатларды жеңип, жоқары дәрежеге ерисиўине турмыслық ўақыялар арқалы көп гүўасы болғанбыз.

Сол себепли, елимизде халықты социаллық қорғаўды тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған илажлар процесинде жумыссыз халықты базарда талап жоқары болған заманагөй кәсиплерге оқытыў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги системасындағы 82 оқыў орайы және 104 мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкеми менен биргеликте 91 кәсип-өнер бағдары және 8 шет тилине оқытыў жолға қойылған. Кәсиплик көнликпелер орайларында, бәринен бурын, мийнет базарының талабынан келип шығып, қосымша түрде 12 жаңа кәсипке оқытыў да жолға қойылды. Соның ишинде, электромобиллерди оңлаўшы ҳәм программаластырыўшы, қуяш панеллерин орнатыўшы ҳәм оңлаўшы, алюминий профиллер устасы, бураўлаў бойынша слесарь, бураўлаўшы ҳәм басқа да кәсиплерге оқытылмақта.

Мысал ушын, “BYD UZBEKISTAN FACTORY” ЖШЖ буйыртпасы тийкарында 450 жас автоэлектр оңлаўшысы, мотор шебери, кепсерлеўшиси кәсиплери бойынша оқытылды ҳәм жумысқа орналастырылды. Ири кәрханалар - Наўайы ҳәм Алмалық кән-металлургия комбинатлары ушын 2,5 мың бураўлаўшы, кепсерлеўшилер, аймақлық газ тәмийнаты кәрханаларына 1,5 мың кепсерлеўшилер таярланбақта. Улыўма, 2024-жылдың 11 айында 221,1 мың жумыссыз кәсип-өнер ҳәм исбилерменлик көнликпелери бойынша оқыўға тартылып, қамтып алыў 2023-жылға салыстырғанда 1,7 есеге арттырылды.

Бүгинги мәлимлеме технологиялары әсиринде ҳәтте елимиздиң шетки аўылларында жасап атырған жаслар арасында да дүньядағы абырайлы жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыў ҳәм дүньядағы жетекши компанияларда ислеўди қәлеўшилер көпшиликти қурайды. Перзентлеримиздиң бундай жоқары арзыў-нийетлер менен жасаўы ҳәм усы мақсет жолында излениўи қуўанышлы, әлбетте.

Бирақ, ата-аналардың да жигебентиниң келешеги ҳаққында өз әрман-үмитлери болыўы тәбийий. Бәринен бурын, ҳәр бир ата-ана перзентиниң жумыс излеп алыс еллерге кетиўин емес, шаңарағы қушағында жасап, жақсы мийнет ҳақы төленетуғын жумыста ислеўин қәлейди. Бул бағдарда санлы технологиялар тараўы ең қолайлы бағдар болып табылады. Себеби, бул тараўдағы жумыслардың көпшилиги дүньяның қәлеген ноқатында турып ислеўге имканият береди.

Санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматына бола, бүгин мәмлекетимизде 10 мыңнан аслам дәстүрши аралықтан турып АКТ базарына хызмет көрсетпекте. Оларды хошаметлеў системасының жетилистирилиўи нәтийжесинде 2030-жылға барып бул көрсеткиш 30 мыңға жетиўи күтилмекте. Бул бағдарда "Бир миллион дәстүрши" жойбары үлкен нәтийже бермекте.

Бул елимизде жергиликли дәстүршилерди таярлаў жойбары болып, оның шеңберинде жасларды заманагөй кәсиплерге бийпул онлайн курслар шөлкемлестирген ҳалда оқытыў мақсет етилген. Усы бағдарда Өзбекстан ҳәм АҚШтың “Coursera” платформасы өз-ара бирге ислеспекте.

“Coursera” аралықтан билимлендириў платформасында дүньяның 300 ге шамалас жетекши университет ҳәм компанияларының 8 бағдардағы 12 мың профессионал билимлендириў ресурсы жайластырылған. Бул платформа арқалы мәлимлеме технологияларының ҳәр қыйлы тараўы бойынша билим алыў ҳәм кәсиплик шеберликти арттырыў мүмкин. Ҳәзир “Coursera” платформасының 1 миллион 400 өзбекстанлы тыңлаўшысы бар. Олардың 90 проценти оқыўшы ҳәм студентлер үлесине туўра келеди.

2024-жылы “Coursera” ның профессионал IТ сертификат курсларында оқыў көрсеткиши 206 процентке артты. Бул бирге ислесиў арқалы елимиздиң алыс аўылларындағы жаслар да дүньяның жетекши университет ҳәм компанияларындағы ең талап жоқары болған курсларда онлайн оқыў имканиятына ийе болмақта. Бул процессте жасларымыздың өз мақсетине ерисиўи ушын шыдамлылық ҳәм даўамлылық әҳмийетли. Курсларды тамамлап, халықаралық сертификат имтиханларынан өтиў глобал мийнет базарына жол ашады.

Өткен жылы “Coursera” алтыншы жыллық “Global Skills” есабатын жәриялады. Оған бола, "Бир миллион дәстүрши" жойбары шеңбериндеги реформалардың нәтийжеси сыпатында, платформада Өзбекстан жумысшы күшиниң үлеси бойынша үйрениўшилер саны бойынша биринши орынды ийеледи. Яғный жумысшы күшин мийнет базарында талап жоқары болған көнликпелер менен тәмийинлеўге ең көп инвестиция киргизип атырған мәмлекетлер рейтингинде мәмлекетимиз жетекши орында атап өтилди.

Бул жетискенликлер елимизде инсан капиталын раўажландырыў, перзентлеримиз ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал болып камалға келиўи ҳәм бахытлы турмыс кешириўин тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли реформалардың өзине тән нәтийжеси болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўға бағдарланған илажлар избе-из даўам еттирилмекте. Булардың барлығы халқымыздың турмысын түп-тийкарынан жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм Өзбекстанның раўажланған мәмлекетлер қатарына кириўинде әҳмийетли тийкар болады.

Баҳор ХИДИРОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы