баннер
11 Apr 2025
08:02

    Өзбекстан Президенти БМШ Европа экономикалық комиссиясының баслығын қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-апрель күни Самарқанд ықлым форумы шеңберинде БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Европа экономикалық комиссиясының атқарыўшы хаткери Татьяна Молчаны қабыллады.

    Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

    Мәмлекетимиз басшысы комиссияның 2030-жылға шекемги дәўирде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги әҳмийетли ролин, сондай-ақ, транспорт, инновациялар, тоқымашылық, энергетика, экология ҳәм гендер теңлик тараўларында, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы мәселелеринде көрсетилип атырған экспертлик жәрдемди айрықша атап өтти.

    Регионаллық ҳәм мәмлекетлик көлемдеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен 2023-жыл ноябрь айында Баку қаласында болып өткен БМШтың Орайлық Азия экономикалары ушын арнаўлы бағдарламасы (СПЕКА) биринши саммитинде билдирилген басламаларды әмелий алға қойыў тәреплери додаланды.

    Өзбекстан тәрепиниң усынысына бола СПЕКАның 2030-жылға шекем раўажланыў концепциясы қабыл етилгени, ЕЕК менен саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша "жол картасы"на қол қойылғаны, Транскаспий коридоры шеңберинде санластырыў ҳәм ҳүжжетлер алмасыў бойынша комплексли илажлар избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Жылдың басында комиссия жәрдеминде Өзбекстан Халықтың экологиялық жағдай ҳаққындағы исенимли мәлимлемеден пайдаланыўы ҳаққындағы Орхус конвенциясына қосылды.

    Ҳаўа конвенциясы ҳәм Санаат аварияларының трансшегаралық тәсири ҳаққындағы конвенцияға қосылыў мәселеси ислеп шығылмақта.

    СПЕКА бағдарламасының Мақсетли қорын тез пурсатта иске қосыў әҳмийетли екени атап өтилди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech