Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды, алыс-жақындағы барлық мусылман үмметин даўам етип атырған мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман. Бәршеңизге тынышлық-парахатшылық, денсаўлық ҳәм абаданлық яр болыўын тилеймен.
Усы мүбәрек айда гөззал диярымызда мине усындай пайызлы ифтарлық мәресимин елимиз бенен биргеликте өткериў несип еткени ушын меҳрибан ҳәм қүдиретли Алла таалаға есапсыз шүкирлер айтамыз.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги мәжилисимизде қатнасып атырған ҳүрметли мийманларымызға - сырт мәмлекетлердиң елшилерине, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, диний конфессиялардың басшыларына Ўатанымыз ҳәм халқымызға көрсетип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибары ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз дослар!
Сизлерге белгили, соңғы жылларда миллий ҳәм диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, оларды заман талаплары тийкарында раўажландырыў бойынша көп жумысларды әмелге асырмақтамыз.
Бул бағдарда "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея бизиң жумыс бағдарламамызға айланбақта. Усы тийкарда миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў социаллық турмысымызда жетекши орынға шықпақта.
Пуқараларымыздың ҳүждан еркинлиги тараўындағы конституциялық ҳуқықлары толық тәмийинленип атырғаны быйыл Рамазан айында және де айқын көзге тасланбақта.
Муқаддес динимиз буйырған ийгиликли әмеллер - татыўлық ҳәм аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, сабыр-қанаат, әдеп-икрамлылық, илим-мәрипат пазыйлетлери жәмийетимизде барған сайын беккемленип бармақта. Атап айтқанда, ислам дининиң адамгершилик мәнисин терең үйрениў, уллы тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз дүрданаларын, уллы ойшылларымыздың бай мийрасын жыйнаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар берилмекте.
Мине, усы ийгиликли мақсет жолында Ташкент қаласында қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы Өзбекстанда биринши мәрте әмелге асырылып атырған үлкен илимий-руўхый жойбар сыпатында елимиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Бул орай неше мың жыллық раўажланыў жетискенликлерин өзинде жәмлеп, ислам цивилизациясы елимизде илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм ағартыўшылық тийкарында раўажланғанын тастыйықлайды. Бул орын биз ушын тек ғана өтмиш естелиги сыпатында емес, ал халқымызды, жасларымызды келешекке шақырыўы, уллы ойлап табыўларға руўхландырыўы менен айрықша итибарлы болып есапланады.
Хабарыңыз бар, уллы ўатанласымыз, ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарийдиң Самарқандта қурылып атырған саўлатлы комплексиниң қурылысы да жедел даўам еттирилмекте. Бул жерде уллы бабамыздың өмири ҳәм жумысына бағышланған музей ҳәм илимий дәргайлар менен бирге, 10 мың адамлық мешит те қурылмақта.
Несип етсе, быйыл мине усы еки саўлатлы естеликти - Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий комплексиниң ашылыў мәресимин бәршемиз биргеликте салтанатлы түрде өткеремиз.
Халқымыздың ислам дини ҳәм философиясына қосқан бийбаҳа үлесин және де терең үйрениў мақсетинде жақында және бир әҳмийетли қарар қабыл еттик.
Быйыл ойшыл бабамыз, калом илиминиң уллы басшыларынан бири болған Имам Мотуридий ҳәзиретлериниң туўылған күниниң 1155-жыллығын кеңнен белгилеймиз. Соның ишинде, ол инсанның Самарқандтағы мүбәрек зыярат орынлары және де абат етиледи.
Ең әҳмийетлиси, бул жумысларымыз Имам Мотуридий мийрасы ҳәм мотуридия тәлийматын елимиз ҳәм сырт ел илимпазлары менен биргеликте илимий тийкарда үйрениўде жаңа ҳәм үлкен қәдем болады.
Ҳүрметли дослар!
Көп миллетли жәмийетимизде тынышлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери арасында дослық ҳәм тилеклесликти күшейтиў ўазыйпасы турақлы итибарымыз орайында болып келмекте.
Усы мақсетте усы жылдың сентябрь айында Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында абырайлы халықаралық әнжуман өткеремиз. "Декларациялар қарым-қатнасы форумы" деп аталған бул ири илаж 2022-жылы Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында болып өткен әнжуманның логикалық даўамы болып, ҳәр қыйлы диний исеним ўәкиллери арасында өзине тән ағартыўшылық қарым-қатнас майданы болып хызмет етеди.
Усы жерде және бир мәрте атап өтпекшимен: мәмлекетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылық - бизиң ең үлкен байлығымыз.
Әне усы бийбаҳа байлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў, елимиздеги дослық, теңлик, кеңпейиллик орталығын беккемлеўге қаратылған жумысларды буннан былай да исенимли даўам еттиремиз. Оның ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды толық жумсаймыз. Бул мәселе ҳәзирги қыйын дәўирде биз алып барып атырған еркинлик ҳәм ашық-айдынлық сиясаты ушын әйне пайдалы.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Жаңа Өзбекстан жаңаша тийкарғы принциплерге, соның ишинде, Конституциямызда анық белгилеп қойылған социаллық мәмлекет статусына ийе болып, халықшыл ҳәм инсаныйлық сиясат алып бармақта.
Бул бағдарда бир ғана мысал келтириўге рухсат еткейсиз. Өткен жылдың өзинде жәрдемге мүтәж инсанларға 16 триллион сумлық материаллық жәрдем ҳәм напақалар берилди. Кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли 51 мың бала бақшаға жайластырылды, олардың 176 мың ағзасына медициналық жәрдем көрсетилди, 182 мыңы болса социаллық хызметлер менен қамтып алынды.
"Сақаўат ҳәм жәрдем" қоры арқалы 94 мыңға шамалас кем тәмийинленген шаңарақларға емлениў, азық-аўқат, кийим-кеншек, коммуналлық төлемлер менен байланыслы 130 миллиард сумлық қәрежетлер қаплап берилди.
"Ҳаял-қызлар дәптери" шеңберинде 3,5 миллион апа-қарындасларымызға 5 триллион 700 миллиард сумлық жәрдем ажыратылды.
"Жаслар дәптери" енгизилгеннен берли 1 миллион 300 мың жәрдемге мүтәж жасларға 1 триллион 700 миллиард сумлық социаллық жәрдем көрсетилди.
Ең тийкарғысы, бул жумысларымыз избе-из даўам еттирилмекте.
Қәдирли мәресим қатнасыўшылары!
Жаңа Өзбекстанның тийкарғы өзгешеликлериниң және бири - бул "жасыл раўажланыў" жолы болып есапланады.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаңа экологиялық мәкан жаратылмақта. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары әне усы мақсетке қаратылған.
"Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланған быйылғы жылы әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарлама да бул бағдарда әҳмийетли қәдем болмақта.
Жақында Хийўа қаласында биринши мәрте кеңейтилген қурамда өткерилген Конфессиялараралық кеңес мәжилисинде елимиздеги диний конфессиялардың ўәкиллери усы мәмлекетлик бағдарламада белсене қатнасыўға қаратылған мүрәжат қабыл етти.
Әлбетте, жәмийетимиздеги ийгиликли ислерде ҳүрметли дин уламалары, улама ҳәм нураныйларымыз, кең жәмийетшилигимиз белсене қатнасып атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Быйыл "Жасыл мәкан" жойбары шеңберинде бәҳәр мәўсиминиң өзинде диний тараў хызметкерлери тәрепинен 10 мың түптен аслам терек, 32 мың түпке шамалас гүл егилгени, мешит ҳәм зыярат етиў орынларында 25 гектар жер абаданластырылғаны да бул пикирди тастыйықлайды.
Елимиздиң зыяратшылары да көплеген қайырлы ислерде жеке өрнек көрсетип, үлги болып атырғаны әлбетте бәршемизди қуўандырады.
Өткен жылы муфтий Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлериниң басшылығында зыяратшыларымыз "Жаңа Өзбекстан пидайысы болып, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысына айланамыз" деген басламаны алға қойған еди. Усы күнге шекем олардың басламасы менен кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, мүтәж шаңарақларға 6 миллиард 300 миллион сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.
Бундай саўаплы ислери ушын оларға бәршемиз шын кеўилден рахмет айтамыз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳәзирги күнде дүньядағы жағдай оғада қәўипли ҳәм қурамалы болып атырғанын ҳәммемиз көрип-билип турмыз.
Тилекке қарсы, көпшилик қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер әйне ислам дүньясында жүз берип атырғаны бәршемизди терең тәшўишке салмақта.
Тынышсызлық ошақлары қәлеген ўақытта кеңейип, пүткил регионларға жайылып кетиў қәўпи барған сайын артып бармақта.
Мусылман мәмлекетлеринде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын тилеклеслик ҳәм ислам үмметиниң аўызбиршилигин буннан былай да беккемлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмиьетли болып қалмақта.
Итибарымыз орайында турыўы керек болған және бир мәселе - бул жасларымыздың қәлбин ҳәм санасын зәҳәрлеўге, турмысын изден шығарыўға қаратылған көплеген қәўип-қәтерлер менен байланыслы.
Перзентлеримизди илим-мәрипатқа үгит-нәсиятлаў, жат идеялар тәсиринен сақлаў бағдарында ҳүрметли имам-хатиблеримиз, көпти көрген ата ҳәм аналарымыз, мәҳәлле белсендилери, зыяратшыларымыздың орны шексиз, әлбетте.
Бәршемиз сизлердиң бул бағдарда алып барып атырған жумысыңызды жоқары қәдирлеймиз.
Уллы Баҳаўаддин Нақшбанд бабамыздың "Қолың мийнетте, кеўлиң Аллада болсын", деген нәсиятлары ҳәммемиздиң турмыслық исенимимизге айланып кеткен.
Жасларымызды мине усындай руўхта тәрбиялаўда оларды мийнет ҳәм кәсипке үйретиў оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Усы мәниде, ҳүрметли нураныйларымыз, мәҳәлле белсендилери, мийнеткеш фермерлеримиз, исбилерменлеримиз жасларды ҳадал мийнет етип, шаңарағы ҳәм елдиң абаданлығы жолында тынымсыз изленип жасаўға үйретеди, деп исенемен.
Ҳүрметли дослар!
Бул пазыйлетли ай даўамында елимиздеги 9,5 мыңға шамалас мәҳәлледе кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларда ифтарлық дастурханлары жайылып, қайыр-сақаўат ислери әмелге асырылды.
Орынлардағы бул илажларда муфтий ҳәзиретлери ҳәм имам-хатиблеримиз де үйме-үй жүрип, белсене қатнасты.
"Рамазан - сақаўат, тилеклеслик ҳәм кеңпейиллик айы" сүрени астында өткерилип атырған бундай қайырлы мәресимлер инсан қәдирин улығлаў, пәк мақсетли барлық ўатанласларымызды және де бирлестириўге хызмет етеди, деп ойлайман.
Уллы Әлийшер Наўайы бабамыз айтқанындай, "Жақсылардың иси - жақсылық етиў". Шынында да, бул өмир әйне жақсылық ҳәм жақсылық себепли бәрқулла жарқын ҳәм даўамлы болып есапланады.
Соның ушын жақсы нийетлер орынланатуғын мүбәрек Рамазан айында, Қәдир түниниң алдында турып, елимизде, пүткил дүньяда тынышлық ҳәм абаданлық, мийрим-шәпәәт турақлы болыўын тилеп пәтия етемиз.
Илайым, турмысымыз бәрқулла мине усындай жарқын, пайызлы ҳәм берекетли болсын!
Пәтия етиўши ата ҳәм аналарымыз саў-саламат болсын!
Меҳрибан апа-қарындасларымыз, аға-инилеримиз қасымызда ҳәмийше таўдай сүйениш болып турсын!
Перзентлеримиз билимли, кәсип-өнерли, күш-ғайратлы жаслар болып, Ўатанымыздың даңқын дүньяға жайсын!
Елимиз тыныш, мийнеткеш, уллы мәртебели халқымыз ҳәмийше аман болсын!