Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы халқымызды ҳәм пүткил мусылман үмметин мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте қутлықлады.
- Усы мүбәрек айда гөззал диярымызда мине усындай пайызлы ифтарлық мәресимин ел-халқымыз бенен биргеликте өткериў несип еткени ушын меҳрибан ҳәм қүдиретли Алла таалаға есапсыз шүкирлер айтамыз, - деди Президент.
Елимизде "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея барлық жумыста тийкарғы бағдарламаға айланбақта. Пуқаралардың ҳуқықлары, ҳүждан еркинлиги тәмийинленип атырғаны Рамазан айында және де айқын көзге тасланбақта. Муқаддес динимиз буйырған ийгиликли әмеллер - татыўлық ҳәм аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт, сабыр-қанаат, әдеп-икрамлылық, илим-мәрипат пазыйлетлери жәмийетимизде барған сайын беккемленип бармақта.
Ислам дининиң адамгершилик мәнисин терең үйрениў, уллы тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз дүрданаларын, уллы ойшылларымыздың бай мийрасын жыйнаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, усы мақсетте пайтахтымызда Ислам цивилизациясы орайы қурылмақта. Бул үлкен илимий-руўхый жойбар бир неше мың жыллық раўажланыў жетискенликлерин өзинде жәмлеп, ислам цивилизациясы елимизде илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм ағартыўшылық тийкарында раўажланғанын тастыйықлайды, жасларымызды уллы ойлап табыўларға руўхландырады.
Самарқандта ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарий комплексиниң қурылысы да тез пәт пенен даўам етпекте. Уллы бабамыздың өмири ҳәм жумысына бағышланған музей ҳәм илимий дәргайлар менен бирге, 10 мың адамға мөлшерленген мешит қурылмақта. Бул еки саўлатлы естеликтиң усы жылы ашылыўы режелестирилген.
Президентимиздиң 14-марттағы қарарына муўапық, быйыл Имам Мотуридий туўылған күниниң 1155-жыллығы кеңнен белгиленеди. Оның Самарқандтағы мүбәрек зыярат етиў орны және де абат етиледи, бай илимий мийрасы ҳәм мотуридия тәлийматы сырт елли илимпазлар менен биргеликте үйрениледи.
Елимиздеги түрли миллет ҳәм дин ўәкиллери арасында аўызбиршиликти күшейтиў мақсетинде усы жылы сентябрьде және бир илаж - Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында "Декларациялар қарым-қатнасы форумы" өткериледи. Бул халықаралық әнжуман түрли диний исеним ўәкиллери арасында өзине тән ағартыўшылық пикирлесиў майданы болады.
Конституциямызға муўапық, Өзбекстан социаллық мәмлекет статусына ийе болып, халықшыл ҳәм инсаныйлық сиясат алып барылмақта. Атап айтқанда, өткен жылдың өзинде жәрдемге мүтәж инсанларға 16 триллион сумлық материаллық жәрдем ҳәм напақалар берилген. Кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли 51 мың бала бақшаға жайластырылған, олардың 176 мың ағзасына медициналық жәрдем көрсетилип, 182 мыңы социаллық хызметлер менен қамтып алынған.
"Сақаўат ҳәм жәрдем" қоры арқалы 94 мыңға шамалас кем тәмийинленген шаңарақларға емлениў, азық-аўқат, кийим-кеншек, коммуналлық төлемлер менен байланыслы 130 миллиард сумлық қәрежетлер қаплап берилген.
"Ҳаял-қызлар дәптери" шеңберинде 3,5 миллион ҳаял-қызға 5 триллион 700 миллиард сумлық жәрдем ажыратылған. "Жаслар дәптери" енгизилгеннен берли 1 миллион 300 мың мүтәжге 1 триллион 700 миллиард сум муғдарында социаллық жәрдем көрсетилген.
Буннан тысқары, елимиздиң ҳажыларының басламасы менен кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, мүтәж шаңарақларға 6 миллиард 300 миллион сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилген.
Елди абат етиў, нәл егип, бағ жаратыў да саўаплы ис. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары әне усы мақсетке қаратылған. Быйылғы бәҳәр мәўсиминиң өзинде диний тараў хызметкерлери тәрепинен 10 мың түптен аслам терек, 32 мың түпке шамалас гүл егилди, мешит ҳәм зыярат етиў орынларының әтирапы абат етилди.
"Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"на байланыслы мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде тәбиятты қорғаў көлеми және де кеңеймекте. Жақында Хийўа қаласында өткерилген Конфессиялараралық кеңес мәжилисинде елимиздеги диний конфессиялардың ўәкиллери усы мәмлекетлик бағдарламада белсене қатнасыў бойынша мүрәжат қабыл етти.
Бул ифтарлық мәресиминде де сырт мәмлекетлердиң елшилери, халықаралық шөлкемлер ҳәм диний конфессиялардың ўәкиллери жыйналғаны елимиздеги кеңпейиллик ҳәм татыўлықтың және бир көриниси болды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде дүньядағы жағдайға да тоқтап өтти. Көпшилик қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлер әйне ислам дүньясында жүз берип атырғаны өкиниш пенен атап өтилди.
Тынышсызлық ошақлары қәлеген ўақытта кеңейип кетиўи мүмкин екенлиги, мусылман мәмлекетлеринде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын тилеклеслик ҳәм ислам үмметиниң аўызбиршилигин буннан былай да беккемлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли екени атап өтилди.
Буның ушын, биринши гезекте, жасларды жат идеялар тәсиринен сақлаў, илим-ағартыўшылыққа бағдарлаў дыққат орайында турыўы керек.
Бул ҳаққында айтып, Шавкат Мирзиёев Баҳауддин Нақшбандтың "Қолың мийнетте, кеўлиң Аллада болсын", деген нәсиятын еске алды. Жасларымызды мине усындай руўхта тәрбиялаў, оларды мийнет ҳәм кәсипке үйретиў оғада әҳмийетли екенин атап өтти.
Ҳәзирги күнлерде "Рамазан - сақаўат, тилеклеслик ҳәм кеңпейиллик айы" сүрени астында елимиздеги 9 мың 500 ге шамалас мәҳәлледе кем тәмийинленген шаңарақларда ифтарлық дастурханлары жайылып, олардың ҳалынан хабар алынды. Бундай ийгиликли ислер инсан қәдирин улығлаў, пәк мақсеттеги барлық ўатанласларымызды және де бирлестириўге хызмет етеди.
- Әлийшер Наўайы бабамыз айтқанындай, "Жақсылардың иси - жақсылық етиў". Шынында да, бул турмыс әйне жақсылық ҳәм жақсылық себепли бәрқулла жарқын ҳәм даўамлы болып есапланады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Нийетлер орынланатуғын мүбәрек Рамазан айында, Қәдир түниниң алдында турып, жақсы тилеклер айтылды.
Қураны кәримнен оқылды. Алла тааладан пүткил дүньяда тынышлық, елимизде абаданлық, мийрим-шәпәәт турақлы болыўын сорап, пәтиялар оқылды.
Елимиздиң барлық аймақларында өткерилген ифтарлық илажларында нураныйлар, зыялылар, түрли дин ҳәм конфессиялардың ўәкиллери, майыплығы бар ҳәм жәрдемге мүтәж адамлар, жәми 60 мыңға шамалас қатнасыўшы қатнасты.