"Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның жойбары додаланды

    14 қаңтар 2025 272

    Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери және Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетлериниң қоспа мәжилисинде "Өзбекстан-2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама додаланды.

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў мәмлекет раўажланыўының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленгени атап өтилди.

    Мәмлекетлик бағдарламада 5 тийкарғы бағдар белгиленген болып, ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған мақсетлер қамтып алынған.

    Атап айтқанда, быйылғы жылы 6 жасар балаларды мектепке таярлаў системасы менен қамтып алыў дәрежесин 98 процентке жеткериў, улыўма орта билим бериў мәкемелери ушын 65 атамадағы жаңа сабақлықлар, шынығыў дәптерлери, муғаллимниң методикалық китапларын жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген. Сондай-ақ, улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў ушын жеке меншик секторды кеңнен тартыў мақсетинде мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў мектеплериниң санын 600 ге жеткериў нәзерде тутылған.

    Сырт ел илимий шөлкемлери ҳәм университетлерине илимий стажировкаға жиберилген изертлеўшилердиң улыўма санында 35 жасқа шекемги изертлеўшилердиң үлеси 80 процентке арттырылады.

    Денсаўлықты сақлаў тараўында 7,1 миллион 40 ҳәм оннан үлкен жастағы халық арасында ең көп ушырасатуғын жүрек-қан тамыр, қантлы диабет, өкпениң созылмалы обструктив кеселликлери қәўипин анықлаў мақсетинде профилактикалық тексериўлерди өткериў және 3 - 18 жастағы 10 миллион балада онкогематологиялық кеселликлерди ерте анықлаў бойынша ғалаба ҳәм селектив скринингтен өткериў илажлары режелестирилген.

    Буннан тысқары, мәжилис даўамында "Өзбекстан - 2030" стратегиясының "Қәўипсиз ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет" принципине тийкарланған сиясатты избе-из даўам еттириў бағдарында мәмлекеттиң тынышлықты сүйиўши, прагматикалық белсенди ҳәм избе-из сыртқы сиясатын әмелге асырыўға байланыслы 10 мақсетти қамтып алған усыныслар да көрип шығылды.

    Соның ишинде, ратификацияланған халықаралық шәртнамалар бойынша миннетлемелердиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў, жетекши халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен перспективалы бирге ислесиў бағдарларын кеңейтиў және Өзбекстан Республикасының БМШдағы орны ҳәм абырайын арттырыўға қаратылған илажлар нәзерде тутылмақта.

    Сенаторлар тәрепинен улыўма билим бериў мектеплеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң рейтингин жақсылаў, жас изертлеўшилердиң үлесин арттырыў, олардың илимий изленислерин қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатын халық ҳәм мәмлекеттиң мәплеринен келип шыққан ҳалда избе-из әмелге асырыўға қаратылған усыныслар билдирилди.

    Сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиў, сырт ел инвестицияларын ҳәм туризмди жедел раўажландырыў және халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиў бойынша белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда жуўапкер министрликлер менен уйымлардың бирге ислесиўин күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Додалаў даўамында сенаторлар, экспертлер ҳәм қәнигелер тәрепинен Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына бир қатар усыныслар билдирилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates