Сөйлесиў ўақтында Өзбекстанның Миграция бойынша халықаралық шөлкеми менен алып барып атырған жедел бирге ислесиўи, шөлкемниң қәўипсиз, тәртипли ҳәм турақлы миграцияны үгит-нәсиятлаў бойынша жумысы Өзбекстанның миллий тийкарғы бағдарларына толық сәйкес келиўи атап өтилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда соңғы жыллары Өзбекстанда миграция тараўындағы жумысларға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде айрықша итибар қаратылып атырғаны, бул бағдарда 2019-жылы Миграция бойынша халықаралық шөлкемниң толық ағзасы сыпатында бирге ислесиў байланыслары жолға қойылғаны атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында мийнет миграциясы процесслерин тәртипке салыў ҳәм жаңа механизмлерди әмелиятқа енгизиў мақсетинде 16 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгени ҳәм жаңа жумысқа жайластырыў механизмлери енгизилгени, билимлендириў бағдарламалары, жеңиллетилген кредитлеў ҳәм Ўатанға қайтқан мигрантларды қоллап-қуўатлаў системалары шөлкемлестирилгени айтып өтилди.
Сондай-ақ, Өзбекстанның мийнет миграциясы базарларын диверсификациялаў, дәстүрий бағдарларға байланыслылықты азайтыў ҳәм мигрантлардың социаллық қорғалыўын тәмийинлеўди күшейтиў бойынша пикир алысылды.
Ушырасыў даўамында тәреплер миграцияны басқарыўды жетилистириў, қәўипсиз ҳәм тәртипке салынған миграция процесслерин тәмийинлеў, мигрантлар ҳуқықларын қорғаўға қаратылған әмелий илажларды көриў бойынша және де жедел жумыс алып барыўдан мәпдар екенин билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.