Илажда 13 мәмлекеттиң 100 ге шамалас парламент ағзалары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.
Конференцияда парламентлер аралық бирге ислесиўди раўажландырыў, нызамшылық процесслерин жетилистириў, демократиялық қәдириятларды алға қойыў, инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде парламентлердиң ролин беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Илаж қатнасыўшыларына Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў барлық тараўларда, соның ишинде, парламентлер аралық сөйлесиў жедел раўажланып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстанда биринши мәрте жаңаланған Конституция тийкарында өткерилген парламент сайлаўларының әҳмийети, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў системасында парламенттиң ролин күшейтиўге қаратылған реформаларға айрықша итибар қаратылды.
Конференция жуўмағында парламентлер аралық бирге ислесиўди беккемлеў, тәжирийбе алмасыў ҳәм әҳмийетли тараўларда қоспа жойбарларды раўажландырыўға қаратылған усыныслар ислеп шығылды.
Сондай-ақ, сапар шеңберинде Әзербайжан Миллий Межлиси Жаслар ҳәм спорт мәселелери комитетиниң баслығы Ш.Исмаилов, "Әзербайжан-Өзбекстан" парламентлер аралық дослық топарының ағзасы, Миллий Межлис депутаты Ж.Пашазаде менен ушырасыўлар өткерилди.
Ушырасыўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў, алдыңғы тәжирийбелер менен алмасыў ҳәм спортты раўажландырыў тараўындағы басламаларды алға қойыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, еки мәмлекет парламентлериниң жаңаланған қурамы тийкарында дүзилген дослық топарларының жумысын күшейтиў, парламентлер аралық бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў бойынша пикир алысылды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.