Мәмлекетимизде жанылғы-энергия ресурслары баҳаларының қәлиплесиўин басқышпа-басқыш базар принциплерине өткериў дәўиринде халықты мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде қарар етемен:
I. Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары.
1. 2025-жыл 1-майдан 2027-жыл 1-апрельге шекем "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы және Кәмбағал шаңарақлар реестрине (кейинги орынларда - Реестрлер) киргизилген, сондай-ақ, Реестрлерге киргизилмеген, бирақ материаллық жағдайы бойынша кем тәмийинленген шаңарақлар нормаларына туўра келетуғын, шаңарақтағы жан басына дәрамат минимал тутыныў қәрежетлериниң 1,5 есесинен артпайтуғын шаңарақларға:
(а) электр энергиясы тутыныўы бойынша - айына базалық нормадан 150 кВт саатқа шекем;
(б) тәбийий газден пайдаланыў бойынша - ысытыў мәўсиминде айына базалық нормадан 250 куб метрге шекем, басқа дәўирлерде айына базалық нормадан 150 куб метрге шекем артық пайдаланылған бөлеги ушын базалық норма шеңбериндеги ҳәм базалық нормадан асқан баҳалар арасындағы айырмашылық компенсация етип бериледи.
2. 2025/2026-жылғы жылытыў мәўсиминде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қосымша материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жылдың ноябрь айында төмендеги шаңарақларға 1 миллион сумнан бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратылсын:
(а) Реестрлерге киргизилген шаңарақларға;
(б) "мәҳәлле жетилиги" жуўмағы тийкарында Реестрлерге киргизилмеген, бирақ жәрдемге мүтәж шаңарақларға. Бунда:
(в) "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қосымша дизим қәлиплестирилиўинде биринши гезекте, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлар, ағзалары I ямаса II топар майыбы болған шахслардан ибарат шаңарақлар, майыплығы болған балаларды бағып атырған шаңарақлар, узақ мүддетли емлениўди талап ететуғын кеселликлер менен кеселленген шахслар жасайтуғын шаңарақлар, басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы шахслар ҳәм жалғыз жасаўшы кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар, үш ҳәм оннан артық шаңарақ жасайтуғын квартираларда және газ тәмийнаты болмаған ҳәм орайласқан тәртипте ысытылмайтуғын көп қабатлы турақ жайларда жасайтуғын шаңарақлар инабатқа алынады;
(г) қосымша түрде қәлиплестирилетуғын дизимдеги шаңарақлардың саны Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен артпаўы керек.
3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Социаллық қорғаў миллий агентлиги және Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы менен биргеликте 2025-жыл 1-октябрьге шекем "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен республика бойынша ҳәр бир мәҳәлле кесиминде қосымша дизимлер қәлиплестирилиўин тәмийинлесин. Онда ҳәкимликлер тийисли район (қала) бойынша Реестрлерге киргизилген шаңарақлар санының 40 процентинен аспаған ҳалда жәрдемге мүтәж шаңарақлар санына мәҳәллелер кесиминде өзгерис киргизиўи мүмкин.
II. Финанслық ресурслар.
4. Экономика ҳәм қаржы министрлиги усы қарар менен белгиленетуғын материаллық жәрдем ҳәм компенсация төлемлерин және усы төлемлер бойынша АК "Халық банки" хызметине ҳақы төлеў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржылары есабынан Социаллық қорғаў миллий агентлигине зәрүр қаржылар ажырацын.
III. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў
5. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте усы қарарға муўапық қосымша дизимлерди қәлиплестириў және компенсация ҳәм материаллық жәрдем төлемлерин төлеў тәртибин тастыйықласын. Онда район (қала) ҳәкимликлери, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясының район (қала) лық бөлимлери, "Инсан" социаллық хызметлер орайлары және "мәҳәлле жетилиги"ниң ўазыйпалары анық белгиленсин.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги:
(а) электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бойинша компенсация төлемлери;
өз ўақтында төлениўин;
(б) АК "Халқ банки" менен биргеликте усы жылдың ноябрь айында
бир мәртелик материаллық жәрдем төлениўин;
(в) Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы және Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги менен биргеликте усы қарардың мақсети, ўазыйпалары ҳәм оннан күтилип атырған нәтийжелер ғалаба хабар қураллары, интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилиўин шөлкемлестирсин.
7. Министрлер Кабинети жанындағы Электр энергиясы, нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы, Энергетика министрлиги бир ҳәпте мүддетте халық тәрепинен электр энергиясы ҳәм тәбийий газден нәтийжели пайдаланыўды жолға қойыў арқалы энергия ресурсларын үнемлеўге қаратылған мәнзилли илажлар режесин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизсин.
8. Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы (К.Куранбаев), Социаллық қорғаў миллий агентлиги (М.Оллоёров):
(а) кәмбағал шаңарақлар ҳәм жәрдемге мүтәж халықты қосымша
қоллап-қуўатлаў илажлары менен толық қамтып алыў
мақсетинде мәҳәллелерде мәнзилли үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў;
(б) халыққа материаллық жәрдем ажыратыўда мәҳәлле баслықлары тәрепинен ашық-айдынлық ҳәм әдиллик тәмийинлениўин кепиллеўи;
ҳәм жеке жуўапкершилиги белгиленсин.
9. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери бир мәртелик материаллық жәрдем төлеў бойынша қосымша дизимлердиң дурыс қәлиплестирилиўи ҳәм төлемлердиң өз ўақтында әмелге асырылыўына жеке жуўапкер етип белгиленсин.
10. Бас прокуратура (И.Адхамов) усы қарарға муўапық ажыратылатуғын қаржылардың мақсетли жумсалыўы үстинен турақлы қадағалаў орнатсын.
Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров және Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи - Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң директоры М.П.Оллоёров белгиленсин.
Усы қарардың орынланыўын қадағалаў ҳәм орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президент Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2025-жыл 2-апрель