Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын тереңлестириў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, еки тәреплеме байланысларымыздағы жоқары динамиканы даўам еттириўге келисип алынды.

Сөйлесиўимиз саўда, транспорт-логистика байланыслары, регионаллық қәўипсизлик ҳәм халықаралық бирге ислесиў сыяқлы кең көлемли бағдарларды қамтып алды. Өзбекстанның раўажланыўын турақлы қоллап-қуўатлап атырғаны, сондай-ақ, турақлы, абадан ҳәм өз-ара байланысқан регионды қурыўға қаратылған улыўмалық умтылысларымыз ушын Қытай тәрепине миннетдаршылық билдиремиз, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.