Режеге муўапық, бажыхана баҳасы товарлардың еркин ямаса жасалма бажыхана баҳасынан пайдаланыўға тийкарланбаўы керек.
Алып шығылып атырған товардың бажыхана баҳасын анықлаў төмендеги усылларды қолланыў жолы менен әмелге асырылады:
- 1-усыл: шығарып алынатуғын товардың келисим баҳаси бойынша;
- 2-усыл: бирдей товар менен дүзилген келисимниң баҳасы бойынша;
- 3-усыл: уқсас товар менен дүзилген келисимниң баҳасы бойынша;
- 5-усыл: қунын қосыў тийкарында;
- 6-усыл: резерв усыл.
1-усыл шығарып алынатуғын товардың бажық баҳасын анықлаўда тийкарғы усыл есапланады.
Егер 1-усылды қолланыў мүмкин болмаса, басқа усыллар избе-из қолланылады.
Бажыхана баҳасын анықлаўдың басланғыш ноқаты ҳәр дайым ҳақыйқаттан да төленген ямаса төлениўи лазым болған, яғный сатып алыўшы сатыўшыға төлеген ямаса төлеўи лазым болған ҳақыйқый қәрежетлерди анықлаў болады.