баннер
29 Mar 2025
23:20

    Өзбекстанда июль айынан жаңа исбилерменлер ушын "Биринши имканият" принципи енгизиледи

    Усы принцип шеңберинде айырым тараўлардағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

    Президенттиң тийисли Пәрманына бола, 2025-жыл 1-июльден 2028-жыл 1-январьға шекем киши ҳәм орта бизнес субъектлерине жаңа миннетлемелер жүклениўин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўге мораторий жәрияланады.

    Сондай-ақ, усы сәнеден баслап исбилерменлик субъектлерине жаңа тәртипке салыў қуралларын белгилеўди ямаса әмелдегилерин күшейтиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге "бир сәнеден жаңа қағыйдалар" принципи қолланылады ҳәм бул нормалардың күшке кириў сәнеси 1-январь ямаса 1-июль етип белгиленеди.

    2028-жыл 1-январьға шекем "Биринши имканият" принципи енгизиледи ҳәм оның шеңберинде биринши жумыс жылы даўамында саўда ҳәм исбилерменлик тараўларына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты биринши мәрте ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.

    2025-жыл 1-сентябрьден баслап төмендеги нормаларға бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң жумысын ықтыярый түрде сапластырыўда салық тексериўи өткерилмейди:

    ақырғы үш жылда товарларды (хызметлерди) реализациялаўдан алынған жәми дәрамат 10 миллиард сумнан аспаған;

    бюджет ҳәм кредиторлар алдында қарыздарлығы жоқ ҳәм турақлы түрде салық есабатларын усынатуғын;

    "Қәўип-қәтерди таллаў" электрон системасында ҳуқықбузарлық ислеў қәўпи төмен дәрежеде классификацияланған.

    Сондай-ақ, стартап жойбарларды финанслық ресурслар менен тәмийинлеў мақсетинде Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған коммерциялық банклер ҳәм венчур қорлары менен биргеликте 2026-жыл 1-апрельге шекем сырт елден 50 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржыларды тартыўы белгиленген.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech