Авиакомпания баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясының “Asialuxe Travel” туроператоры менен бирге ислесиўи нәтийжесинде жолаўшылар ушын Ташкент - Аланя - Ташкент жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылды.

Пәрўазларды тәмийинлеў ушын “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы барлық зәрүр рухсатнамаларды алды, пәрўаз экипажы болса усы аймақта ҳәм белгиленген аэропортта пәрўазларды әмелге асырыў ушын толық маманлық таярлығынан өткерилди, - делинеди хабарда.