Онда ШБШ Бас хаткери Нурлан Эрмекбаев, Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков ҳәм шөлкемге ағза мәмлекетлердиң мәденият уйымларының басшылары қатнасты.

Мәжилисте ШБШ шеңберинде мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы бойынша пикир алысылды. Тәреплер 2007-жылы қабыл етилген мәденият тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы Бишкек келисимине тийкарланып еки ҳәм көп тәреплеме байланысларды даўам еттириўге келисип алды.

Өзбекстан мәденият министри Озодбек Назарбеков өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ШБШ мәмлекетлери арасындағы мәдений бирге ислесиў дослықты беккемлеў, өз-ара ҳүрмет ҳәм түсинисиўди раўажландырыў, мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

- "ШБШ мәмлекетлери халқы дүнья халқының ярымын қурайды. Бул көплеген биргеликтеги мәдений жойбарларды әмелге асырыў зәрүрлигин көрсетеди. Халықлар арасында исенимди беккемлеўде мәденияттың орны шексиз", - деди министр.

ШБШ Бас хаткери Нурлан Эрмекбаев болса ШБШ шеңбериндеги мәдений жойбарлар халықлар арасында жақынлық, исеним ҳәм тынышлықты беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти. Сол себепли, гуманитарлық байланысларды кеңейтиў ҳәм халық дипломатиясы институтларының жумысын қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәжилис жуўмағында қатнасыўшылар "2025-жылға мөлшерленген ШБШ шеңбериндеги мәдений алмасыў илажларының дизими"н тастыйықлады ҳәм протоколға қол қойды. Сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлердиң көркем өнер жәмәәтлериниң қатнасыўында қоспа концерт бағдарламасы өткерилиўи режелестирилген.