Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 23-июльдеги "Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Қамсызландырыў хызметлери базарын буннан былай да раўажландырыўдың комплексли илажлары ҳаққында"ғы 2024-жыл 1-марттағы ПҚ-108-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы 458-санлы қарарында белгиленди.
Қарар менен:
транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыўға тийисли өзгерислер киргизилди:
актуарий есап-санақлар тийкарында қамсызландырыў тарифлери қайта көрип шығылып, қамсызландырыў суммалары ҳәм сыйлықлары базар принциплерине муўапықластырылды;
2026-жыл 1-январьдан баслап транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў суммасының 80 миллион сумға шекем (әмелде 40 миллион сум) арттырылыўы белгиленди, бул өз гезегинде ЖТҲ нәтийжесинде жәбирленген шахслардың мүлкине, өмирине ҳәм денсаўлығына жеткерилген зыян муғдарын қаплаў ушын қаратылатуғын қаржының бүгинги күн талабына сәйкес болыўына хызмет етеди;
айдаўшылар санына қарап шекленген ҳәм шекленбеген полислерди рәсмийлестириў механизми белгиленди. Онда айыпкер деп табылған қамсызландырыўшының қамсызландырыўшысы тәрепинен қамсызландырыў шағымлары ҳәм басқа да келиспеўшиликлерди көрип шығыў тәртиби анықластырылды;
Қамсызландырыў төлемлерин кепиллеў қорына транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыўға байланыслы мәселелер бойынша ҳуқықый мәсләҳәт ҳәм ЖТҲ ҳаққындағы хабарнамаға байланыслы аджастерлик хызметин көрсетиў функциясы қосылды;
мәжбүрий қамсызландырыў миннетлемесиниң орынланыўын қадағалаў ушын жуўапкер уйымлар ҳәм Бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме системасын жүргизиў тәртиби анықластырылды;
мәпдар мәмлекетлик уйымлар менен мәжбүрий қамсызландырыў бойынша электрон мағлыўмат алмасыў жолға қойылатуғыны белгиленди;
2026-жыл 1-апрельден Бирден-бир қамсызландырыў биллинг системасы енгизиледи. Бул полислерди рәсмийлестириўде қамсызландырыў сыйлықлары түсимлериниң орайласқан есабы жүргизилиўин тәмийинлейди;
пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырмаған шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизиў тапсырылды.