Бронхиал астма менен кеселленген наўқаслар нәтийжели емлениўи ушын нелерге итибар бериўи керек екенлиги ҳаққында Республикалық қәнигелестирилген фтизиатрия ҳәм пульмонология илимий-әмелий медицина орайы диагностика бөлими шыпакери, жоқары категориялы пульмонолог Хайрулло Ражабов мағлыўмат берди.

Бронхиал астма - дем алыў жолларының созылмалы исиниў болып, дүнья халқының орташа 5 процентинде ушырасады. Бул көрсеткиш балалар арасында және де көбирек - орташа 10 процентти қурайды. Бул кеселлик тийкарынан бәҳәр-гүз айларында ҳәўиж алып, қурғақ жөтел, дем қысыў приступлары, ентигиў, көкиректе аўырлық сезиниўиниң пайда болыўы сыяқлы симптомлар менен көринеди, - дейди қәниге.

Бул жағдайлар тийкарынан түнде ямаса ерте таңда бақланады. Кеселлик тутыўы көбинесе дәри тәсиринде артқа қайтады. Бронхиал астманы тийкарынан төмендеги факторлар келтирип шығарады:

- генетикалық бейимлилик, атопия, дем алыў жоллары гиперреактивлиги;

- сыртқы ҳәм үй аллергенлери (шаң, үй шаңлары, өсимлик шаңлары, үй ҳайўанлары жүнлери);

- шегиў;

- респиратор инфекциялар;

- бәҳәрги гүл шаңлары;

- паразитар инвазия ҳәм айырым азық-аўқат ҳәм дәри-дәрмақ қураллары.

Бронхиал астманың қандай өтиўи оның қаншелли ерте анықланыўына байланыслы. Егер кеселлик өз ўақтында емленип, наўқас шыпакер көрсетпелерине қатаң әмел етсе, кеселликти толық қадағалаўға алыў мүмкин.

Бул болса наўқастың турмыс тәризин жақсылайды ҳәм оның белгилерин узақ мүддетке күшсизлениўине себеп болады.

Кеселликти емлеў, астма приступларының санын кемейттириў ушын наўқастың броньхоспазм басланыўына түртки болған аллерген менен байланысын шеклеў керек.

Атап айтқанда:

- бөлме ҳаўасын тез-тез алмастырыў ҳәм шаң бөлекшелеринен тазалаў;

- ҳаўа тазалағышлар ҳәм кондиционерден пайдаланыў;

- ҳаўаның қурғақлығына қарсы ығаллағышларды қолланыў;

- наўқас ушын турақлы, қолай бөлме температурасын сақлаў ушын климат қадағалаўын орнатыў;

- ҳәр түрли зыянлы жәнликлер, әсиресе, гүбелеклерди жоқ етиў;

- аллергияны қоздырмайтуғын простынядан пайдаланыў;

- жүнли гилемлерден ўаз кешиў;

- диета етиў керек.

Ең әҳмийетлиси, наўқас шыпакер қадағалаўы астында емлениўи, зәрүр усынысларға қатаң әмел етиўи зәрүр.