"Lahore Expo Center" орайында шөлкемлестирилген бул илажда үш күн даўамында елимизде ислеп шығарылған тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, электротехника, аўыл хожалығы, азық-аўқат, мебель ҳәм ағаш ислеп шығарыў, химия, фармацевтика санааты өнимлери, қурылыс материаллары және елимиздиң туризм потенциалы көрсетилди.
Өзбекстанның экономикалық потенциалын алға қойыўға қаратылған бул әҳмийетли илажда қатнасыў ушын республикалық Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасының басшылары және түрли тараўларда жумыс алып барып атырған 150 ден аслам исбилерменлерден ибарат абырайлы делегация Лаҳор қаласында болды.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде Пакистанның федерал ҳәм жергиликли ҳүкиметлери рәсмийлери, дипломатиялық корпус ўәкиллери, сондай-ақ, 500 ден аслам пакистанлы бизнес топар ўәкиллери қатнасты.
Үш күн даўамында 80 мыңнан аслам мийманлар миллий санаат өнимлери ҳәм бирге ислесиў имканиятлары менен танысты. Илаж шеңберинде Өзбекстан исбилерменлериниң 500 ден аслам "B2B" ушырасыўлары шөлкемлестирилди. Оларда жаңа саўда шәртнамаларын дүзиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Делегация ағзалары, сондай-ақ, Панжаб ўәлаятының ири санаат орайлары - Файсалобод, Сиалкот, Гужранвала, Гужрат, Баҳавалпур, Мултан ҳәм Шайхпура қалаларына барып, аймақлардағы қәнигелескен кәрханалар ҳәм олардың өндирислик қуўатлықлары менен жақыннан танысты. Анық перспективалы жойбарлар бойынша дәслепки келисимлерге ерисип, қысқа мүддетлерде өз-ара сапарларды шөлкемлестириў ҳәм жойбарларды турмысқа енгизиў бойынша сөйлесиўлерди толық даўам еттириў тәреплердиң жумыс режелерине киргизилди.
Көргизбе даўамында улыўма баҳасы 500 миллион АҚШ долларына тең 181 шәртнамаға қол қойылды. Соннан 263 миллион АҚШ долларын экспорт саўда шәртнамалары, 236 миллион АҚШ долларын болса импорт шәртнамалары қурайды.
Пакистан Саўданы раўажландырыў агентлигиниң бас атқарыўшы директоры Файз Аҳмад пенен өткерилген ушырасыўда еллеримиз арасында Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге киргизилген өнимлердиң дизимин кеңейтиў, Өзбекстанның мийўе-палыз өнимлерин Пакистанға экспорт етиў ушын фитосанитариялық рухсатнамалар алыўды жеделлестириў және еки мәмлекеттиң электрон саўда платформаларында өнимлерди жайластырыў бойынша биргеликтеги жумысшы топарды қәлиплестириў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, жергиликли компаниялар менен биргеликте Пакистан аймақларында Өзбекстан саўда үйлерин шөлкемлестириў, еки мәмлекетте паритет тийкарында коммерциялық ярмаркаларды шөлкемлестириў, тоқымашылық, азық-аўқат, фармацевтика, транспорт-логистика, қурылыс материаллары, терини қайта ислеў ҳәм былғары өнимлер, фарфор буйымлар, мебель қурылысы бағдарларында еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерилип, бирге ислесиў жойбарлары ислеп шығылды.
Илаж қатнасыўшылары бундай көргизбелердиң шөлкемлестирилиўи бизнес топарлары ҳәм кең жәмийетшиликтиң еки мәмлекет санаат өнимлери ҳаққында өз-ара хабардарлығын арттыратуғынын, бирге ислесиў перспективалары ҳаққында анық режелерди қәлиплестиретуғынын атап өтти. Бул бағдардағы бирге ислесиўди жеделлестириў, жыл даўамында қоспа илажларды және де шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.