баннер
9 Apr 2025
13:24

    Турақ жай ҳәм санаат кәрханаларын қандай топырақлы жерге қурыў мүмкин емес?

    25 Fevral 2025 477

    Соңғы мағлыўматларға бола, мәмлекетимиздеги 4,2 миллион гектар суўғарылатуғын жердиң дерлик 1,8 миллион гектары ҳәр қыйлы дәрежеде шорланған.

    Кейинги жыллары пүткил дүньяда азық-аўқат қәўипсизлигине ерисиў, халықты қәўипсиз ҳәм сапалы өнимлер менен турақлы тәмийинлеўге айрықша әҳмийет қаратылмақта. Буның себеби анық: тутыныў көбейип бармақта, жер ҳәм суў ресурслары болса шекленген. Жаңа Өзбекстанда халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен толық тәмийинлеўге ерисиў ушын мәмлекетте аўыл хожалығы имканиятын инновациялық раўажландырыў мақсет етилген. Бул стратегиялық мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиў болса тиккелей топырақтың жағдайына байланыслы. Яғный зүрәәтли топырақты сақлап қалыў ушын сиясат ҳәм хошамет зәрүр.

    Усы көзқарастан алып қарағанда, буннан бир жыл алдын қабыл етилген "Топырақты қорғаў ҳәм оның өнимдарлығын арттырыў ҳаққында"ғы нызамда тәбийий экологиялық системаларды қорғаў, топырақтан нәтийжели ҳәм абайлы пайдаланыў, сапасын сақлаў, унамсыз тәсирлерден қорғаў сыяқлы әҳмийетли мәселелер белгилеп қойылған. Ең тийкарғысы, нызамға муўапық топыраққа рәсмий ҳуқықый статус берилди. Себеби бул нызамның пүткил мазмун-мәниси Өзбекстан аймағында турақлы топырақ сапасына ерисиў ҳәм сақлаўға қаратылған.

    Министрлер Кабинетиниң усы жыл 22-январьдағы "Топырақ мониторингин әмелге асырыў ҳәм топырақтың өнимдарлы қатламын анықлаў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарарында да усы нызамның логикалық даўамы сыпатында бир қатар зәрүр ҳәм тийкарғы ўазыйпалар атап өтилди. Мәселен, оған бола, Топырақ мониторингин әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы ҳәм Топырақтың өнимдарлы қатламын анықлаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

    Топырақ мониторингин әмелге асырыў ҳаққында пикир жүргизер екенбиз, ең дәслеп, топырақ мониторингиниң өзи не ҳәм не ушын керек, деген сораўларға анықлық киргизип алыўымыз зәрүр.

    Негизинде мониторинг күтилмеген ақыбетлерди анықлаў ушын ерте ескертиў системасы, дегени. Топырақ мониторинги болса топырақты тиклеў бағдарындағы ҳәрекетлердиң нәтийжелилигин баҳалаўға жәрдем береди. Бул илаж унамсыз тенденцияларды ерте анықлаў ҳәм зыян жеткерилиўиниң алдын алыўда қол келеди. Улыўма алғанда, жерден пайдаланыў ушын тийкарлы қарарлар қабыл етиўде мониторингтиң әҳмийети үлкен.

    Илимпазларымыз тәрепинен топырақ мониторинги бойынша изертлеў жумыслары 2000-жылдан берли өткерилип келинбекте. Бунда суўғарылатуғын, жайлаў ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерде тәбийий шараятта ямаса инсан искерлиги тәсиринде жүз берип атырған өзгерислердиң характери, жеделлиги ҳәм бағдары турақлы бақланады.

    Ҳәзир республикамыз бойынша жәми 210 (соннан 105 суўғарылатуғын, 65 суўғарылмайтуғын ҳәм 40 жайлаў) жердеги гилт майданларда топырақ турақлы мониторинг етилип келинбекте. Таллаўларға бола, жаңадан өзлестирилип атырған жер есабынан бундай гилт майданлардың санын және де арттырыў зәрүр. Айтайық, тек ғана Арал теңизиниң қурыған ултанында 4 миллион гектардан аслам жер болып, ҳәр қыйлы ықлым ҳәм гео морфологиялық районларда жайласқан. Мине, усы жерлерде де топырақ мониторингиниң орны ҳәм әҳмийети үлкен.

    Қарарға тийкарланып, енди топырақтаныўшы илимпазлар тәрепинен мүлк түрине ҳәм жер фонды категориясына қарамастан, қала қурылысы жумысы, геологиялық-излеў, пайдалы қазылмаларды қазып алыў, сондай-ақ, аўыл хожалығына байланыслы болмаған басқа да жумысты әмелге асырыў ушын топырақтың өнимдарлы қатламы бойынша изертлеў жумыслары орынланады. Буннан гөзленген мақсет аўыл хожалығында пайдаланылып атырған жердиң өнимдарлы қатламының жоқ болып кетиўиниң алдын алыў болып табылады. Яғный бундай топырақлы жерлерде турақ жай қурылысы ямаса қалашалардың пайда болыўы, санаат кәрханаларының шөлкемлестирилиўи мүмкин емес.

    Өткен жылдан баслап тәжирийбе тәризинде мәмлекетимиздиң 13 районында топырақ өнимдарлығын арттырыў ушын мақсетли субсидия ажыратыў системасы енгизилди. Соннан келип шығып, усы районлардың пахта майданында гумификация ҳәм дегумификация процеси талланды. Бунда гумус муғдары аз болған топырақлар анықланып, соған байланыслы карталар ислеп шығылды. Топырақларда жүз берип атырған гумификация ҳәм дегумификация процесин таллаў бойынша қолланба ислеп шығылды.

    "Агросубсидия" платформасы арқалы 2521 жерден пайдаланыўшының арзасы көрип шығылып, 2417 си унамлы қанаатландырылды. Мәмлекет бойынша 80 мың гектар жерге субсидия ажыратылып, қаржыландырылды.

    Ҳәзир аўыл хожалығында пайдаланылып атырған жер ресурсларына тәбийий ҳәм антропоген тәсирлер күшейип бармақта. Нәтийжеде егинлердиң раўажланыўы төменлеп, өнимдарлық ҳәм зүрәәтлилик төменлемекте. Суў жетиспеўшилиги барған сайын күшеймекте. Бундай шараятта жерди қәстерлеп сақлаў, топырақ өнимдарлығын арттырыў дәўир талабына айланады.

    Бүгин мәмлекетимизде топырақтың шорланыў машқаласы жүдә аўыр. Соңғы мағлыўматларға бола, мәмлекетимиздеги 4,2 миллион гектар суўғарылатуғын жердиң дерлик 1,8 миллион гектары ҳәр қыйлы дәрежеде шорланған. Бул машқала аўыл хожалығында өнимдарлықты төменлетеди, жердиң деградацияға ушыраўына алып келеди. Елимизде суўғарыў ҳәм суў ресурсларын басқарыў системасын жақсылаў, топырақты басқарыўдың жаңа усыллары, технологиялық инновациялар және қоллап-қуўатлаўшы илажлар көрилип атырғаны мине усындай жағдайлардың алдын алыўға қаратылған.

    Жер ҳәм топырақ ресурслары - барлық тараўдың таянышы, тийкарғы өндирис қуралы есапланады. Экономикамыз, аграр сектордың раўажланыўы усыған байланыслы. Сонлықтан, өнимдар топырақтың турақлылығын ҳәм жағдайын сақлаў зәрүр.

    Шухрат БОБОМУРОДОВ,

    Топырақтаныў ҳәм агрохимиялық

    изертлеў институты директоры,

    биология илимлериниң докторы.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech