Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Комиссияның баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Онда мәмлекет басшысы тәрепинен ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў және бәнтлигине жәрдемлесиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы додаланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, белсендилигин арттырыў, олар ушын зәрүр шараятларды жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм исбилерменликке тартыў жолында әҳмийетли илажлар көрилмекте.
Кейинги жыллары бул бағдардағы ҳуқықый тийкарларды беккемлеў мақсетинде 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилип, орынлаўға қаратылды.
Соның ишинде, ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў және бәнтлигине жәрдемлесиў бойынша Сенат Баслығының басшылығында Янгийўл районының Қырсадак мәҳәллеси тәжирийбеси тийкарында республикада жаңаша система жолға қойылды.
Нәтийжеде 2024-2025-жылларға мөлшерленген илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, орынлаўға қаратылды.
Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының ресурсынан ҳаял-қызлар исбилерменлиги жойбарларын қаржыландырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынды.
Соған муўапық Халық банки, Микрокредитбанк, Бизнести раўажландырыў банки арқалы ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыўға байланыслы 250 усыныслы бизнес жойбарлар ислеп шығылды.
Буннан тысқары, "Жойбарлар фабрикасы" электрон платформасы иске қосылып, пайдаланыўшыларға усыныс етилген бизнес жойбарлар, тараўлар бойынша ажыратылатуғын кредит шәртлери менен танысыў, кредитлерди онлайн рәсмийлестириў имканияты жаратылды.
Белгиленген ўазыйпалар ҳәм мақсетли көрсеткишлердиң өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўына, сондай-ақ, орынларда анықланған машқалалардың жеделлик пенен шешилиўине жәрдемлесиў мақсетинде Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Республикалық комиссияның ағзалары аймақларға, жергиликли Кеңес депутатлары район, қала ҳәм мәҳәллелерге бириктирилди.
Буның нәтийжесинде 2024-жылдың өзинде ҳаял-қызлардың 251,4 мыңы турақлы жумыс орынларына жайластырылды, 54,5 мыңы жәмийетлик жумысларға тартылды, 177,1 мыңы кәсип-өнерлерге ҳәм 147,3 мыңы исбилерменликке оқытылды.
Соның менен бирге, 55,1 мың ҳаял-қызларға 289 млрд сум субсидия ажыратылып, бәнтлиги тәмийинленди. 206,6 мың ҳаял-қызларға исбилерменлик жумысын жолға қойыў ҳәм оны кеңейтиў мақсетинде 3 триллион 472 миллиард сум жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.
Мәжилисте әмелге асырылған унамлы жумыслар менен бирге, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша берилген айырым тапсырмалардың орынланыўы сын көзқарастан талланды.
Соның ишинде, айырым мәҳәллелерде ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетлик жумысларға тартыў, мәҳәллелердиң драйверинен келип шығып кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў талап дәрежесинде емес екенлиги айтып өтилди.
Коммерциялық банклерге интакер ҳаял-қызлардың бизнес жойбарларын ислеп шығыўға жәрдемлесиў, жыл даўамында жойбарлардың әмелге асырылыўын бақлап барыў, ҳаял исбилерменлер менен турақлы сөйлесиў ҳәм олардың машқалаларын шешиў әҳмийетли екенлиги айтып өтилди.
Бул кемшиликлер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар, коммерциялық банклер, аймақ басшыларының мәлимлемелери тыңланып, сапластырыў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, мәжилисте Республикалық комиссия тәрепинен келешекте әмелге асырылатуғын жумысларға да итибар қаратылды.
Атап айтқанда, рәсмий емес бәнтликти қысқартыў, майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз ҳаял-қызларға итибар қаратыў, мийнет базарында талап жоқары болған, жоқары дәраматлы ҳәм заманагөй кәсип-өнерге ҳаял-қызларды оқытыў көлемин кеңейтиў, аймақлардың өсиў драйверлеринен келип шығып, оларды исбилерменлик жумысына тартыў ўазыйпалары белгилеп алынды.