Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың 23-июнь күни Монголия пайтахты Улан-Батор қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетлик сапары алдынан Өзбекстан-Монголия бизнес-форумы болып өтти.
Илаж шеңберинде Транспорт министриниң биринши орынбасары Маманбий Омаров Монғолияның “Hunnu Air” авиакомпаниясының басшысы Пуревжав Мунхжаргал менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда тәреплер Улан-Батор қаласынан Ташкентке тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыўға байланыслы мәселелерди додалады.
Атап айтқанда, сөйлесиў даўамында “Hunnu Air” авиакомпаниясына керекли слотлар ажыратылыўы мәселесине анықлық киргизилди ҳәм транзит жолаўшыларға хызмет көрсетиў механизми ҳәм тәртибин муўапықластырыў бойынша әмелий илажлар көрилди.
Тәреплер пуқаралық авиация тараўында келешектеги бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы келисимлерге еристи.