Өзбекстан халқына қутлықлаў
Қәдирли ўатанласлар! Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, елимиздеги барлық мөмин-мусылманларды ҳәм пүткил халқымызды жақсылық, қайыр-сақаўат ҳәм мийрим-шәпәәт айы болған Рамазан айы кирип келиўи менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.