Мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў стратегиясы ислеп шығылды
Ҳүкимет қарары (865-санлы, 20.12.2024-ж.) менен "2025-2027-жылларда мәмлекетлик сатып алыўлар системасын жетилистириў ҳәм раўажландырыў стратегиясы" тастыйықланды.
Усы жыл 20-декабрьде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Ходжаев басшылығындағы делегацияның АҚШқа сапары шеңберинде Американың ири исбилермен топарларының ўәкиллери менен дөгерек сәўбети болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев те қатнасты.
Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар ҳәм социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди.