Бабурдың әрманлары орынланды - Жаңа Әндижан оның аты менен аталады
Президент Шавкат Мирзиёев Әндижандағы "Жаңа Өзбекстан" паркиндеги халық сейилинде қатнасты.
Дәслеп ҳайўанлардың терисине жазылған текстлерди бүгин метро ямаса автобуста аудио түринде еситип кетемиз, планшетте оқыймыз, визуал сәўлелендирип, соң қызығыўшылық пенен тамашалаймыз. Ал, не ушын? Не себептен бул жақсы мәнистеги интеллектуал зәҳәр - китап оқыў әдетиниң социаллық көлеми артса, елде ҳәм жәмийетте раўажланыў тезлеседи, деген көз-қарасты қоллап-қуўатлаймыз, ол әҳмийетли зәрүрликлеримизден бири екенине гүманланбаймыз?
Усы жылы апрель айының басларында мәмлекетимиз дүнья көлеминдеги бир қатар әҳмийетли сиясий илажларға басшылық етти. Солардан бири - Самарқанд климат форумы халықаралық әҳмийети ҳәм абырайы менен дүнья жетекшилери, сиясатшылары, экспертлерин бир мақсет әтирапында бирлестирип, миллионлаған экоактивлердиң нәзерин Самарқандқа қаратты, планетамыз келешегине болған үмит шырақларын жақты.
Жаңа Өзбекстанның экономикалық ландшафтында "үлкен секириў" дәўири басланды. Бул дәўирдиң тийкарғы формуласы сыпатында майданға шыққан жасалма интеллект, инновациялар ҳәм санлы технологиялар тараўы болса мәмлекет экономикасын түп-тийкарынан өзгертиў, оны жәҳән базарында бәсекиге шыдамлы етиў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў жолында жедел раўажланбақта.